Бес мәмлекет БМШ Қәўипсизлик кеңесине сайланды

Бес мәмлекет еки жыл мүддетке БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң ағзалығына қабыл етилди. Олар: Бахрейн, Конго ДР, Колумбия, Либерия ҳәм Латвия.
Бул мәмлекетлер 2026-жылдың 1-январынан кеңесте өз орынларын ийелеп, 2027-жылдың 31-декабрине шекем жумыс ислейди.
Хабарға бола, Латвия биринши мәрте Қәўипсизлик кеңесиниң ўақтынша ағзалығына сайланды.
Жаңа ағзалар Алжир, Гайана, Қубла Корея, Серра-Леоне ҳәм Словенияның орнын ийелейди.
Мағлыўмат ушын: БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң ағзалары улыўма 15. Кеңестиң ҳәр бир ағзасы биреўден даўысқа ийе. БМШқа ағза мәмлекетлер ХК қарарларына бойсыныўы ҳәм орынлаўы шәрт. Қәўипсизлик кеңесиниң ҳәр бир ағзасы гезек пенен бир айдан Кеңеске басшылық етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги