Гейтс байлығының 99 процентин қайырқомлыққа жумсамақшы

218

“Microsoft”тың тийкарын салыўшысы Билл Гейтс байлығының тийкарғы бөлегин кейинги 20 жыл ишинде Африкада денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў системасын раўажландырыўға  жумсайтуғынын мәлим етти. Бул ҳаққында BBC  жазды.

– Денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў арқалы адамлардың турмысы жақсыланып, Африкадағы ҳәр бир мәмлекет абаданлыққа  қәдем таслаўы керек, – дейди 69 жасар миллиардер.

Өткен  айда Билл 2045-жылға келип, 200 миллиард долларға жетиўи  күтилип атырған қаржының 99 проценти «қайырқомлық»қа жумсалатуғынын айтқан.

Бизге белгили, Президент Дональд Трамптың «Биринши гезекте Америка» сиясаты шеңберинде Африкаға жәрдем, соның ишинде, АИВ/АИЖС пенен кеселленген наўқасларды емлеў бағдарлама тоқтатылды. Сондықтан континент денсаўлықты сақлаў тараўының келешеги көпшиликте қәўетерлениў оятпақта. Исбилерменниң атап өтиўинше, Гейтстиң Африкадағы көп жыллық жумыс тарийхына ийе қоры тийкарғы итибарды басланғыш медициналық жәрдемди жақсылаўға  қаратады.

Мусулмон Зиё, ӨзА