Қытайдың “Lookwe” журналының арнаўлы саны Өзбекстанға бағышланды

Басылымда тийкарғы итибар Өзбекстанның тарийхый, мәдений ҳәм экономикалық имканиятларының үйлесимлилиги, заманагөй раўажланыў жолы, Қытай менен саўда-экономикалық байланысларға қаратылған.
Сондай-ақ, онда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң “Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан” темир жолы қурылысы жойбарының иске қосылыўына бағышланған салтанатлы мәресим қатнасыўшыларына жоллаған мүрәжатының тексти жәрияланған.
Журнал бетлеринде Өзбекстан тәрепинен алға қойылып атырған экологиялық басламалар, климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлери, әсиресе, глобал ыссылық, тәбийғый апатшылықлар ҳәм экологиялық машқалаларға қарсы гүресиў сыяқлы мәселелер кеңнен сәўлелендирилген. Онда “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары, Арал теңизи апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў, суўды үнемлеў технологияларын енгизиў ҳәм “жасыл” энергетиканы раўажландырыўға қаратылған ҳәрекетлер айрықша атап өтилген.

Усы санда “Раўажланыў стратегиясы” орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляковтың “Өзбекстан – 2030” стратегиясын әмелге асырыў шеңберинде 2025-жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарламаның әҳмийетине бағышланған мақаласы да жәрияланды.
Мақалада Мәмлекетлик бағдарламаны ислеп шығыўдағы ашық-айдынлық ҳәм жәмийетшилик додалаўлары, сондай-ақ, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, жасыл экономиканы раўажландырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы реформалар және кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған әмелий илажлар ҳәр тәреплеме сәўлелендирилген, делинеди “Раўажланыў стратегиясы” орайының мағлыўматында.
Сондай-ақ, журналда жаслар сиясаты ҳәм билимлендириў реформалары, жас әўладқа инвестиция киргизиў ҳәм глобал билимлендириў стандартларына ерисиў бағдарында Өзбекстанның исенимли қәдемлери сәўлелендирилген.
Улыўма алғанда, “Lookwe” журналының Өзбекстанға бағышланған арнаўлы саны – мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы орнын беккемлеў, оның экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық жойбарларын сырт елли шериклерге жеткериўде әҳмийетли роль атқарады.
А.Рустамов, ӨзA