Т.Норбоева: “Ҳадаллық вакцинасы” менен шаншылған әўладты камалға келтириў – тийкарғы ўазыйпалардан бири

Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң мәжилиси болып өтти. Онда мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў системасындағы коррупция жағдайлары ҳәм олардың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бар машқалалар додаланды.
Кеңес баслығы Т.Норбоева басқарған мәжилисте тийкарғы мақсет кемшиликлерди жәриялаў емес, ал оларға биргеликте шешим табыўдан ибарат екени атап өтилди. Сонлықтан, Сенаттың тийисли комитетлери ҳәм уйымлардың ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар министрлик пенен биргеликте жағдайды ҳәр тәреплеме үйренди.

“Коррупциясыз тараў” жойбары бойынша бир қатар бағдарламалар қабыл етилди. Соның менен бирге, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўине байланыслы 79 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет коррупцияға қарсы экспертизадан өткерилди. Коррупция қәўипин азайтыў мақсетинде бир қатар мәмлекетлик хызметлер электрон түрде енгизилди. Соның ишинде, баланы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине жайластырыў, 1-классқа қабыллаў, педагог кадрларды аттестациялаў, лицензиялаў, апостиль қойыў сыяқлы хызметлер санластырылды. Бул, өз гезегинде, пуқаралар ушын қолайлық жаратыўға хызмет етпекте.
Жасларда коррупцияға маўасасызлық кейпиятын қәлиплестириў мақсетинде мектеп ҳәм бақша тәрбияланыўшылары ушын арнаўлы “Коррупцияға қарсы гүресиў” оқыў бағдарламасы ислеп шығылғаны мәлим етилди. Соның менен бирге, мектеп ҳәм бақшаларда GRACE бағдарламасы шеңберинде ҳадаллық тәрбиясын енгизиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Т.Норбоева “Ҳадаллық вакцинасы” менен шаншылған әўладты камалға келтириў – билимлендириў системасы алдындағы әҳмийетли ўазыйпалардан бири болыўы керек екенлигин атап өтти. Буның ушын тек оқыўшылар емес, ал муғаллим ҳәм тәрбияшылардың өзи де системалы оқытылыўы, қәнигелиги арттырылыўы шәрт.
Мәжилис жуўмағы бойынша билимлендириў системасында коррупцияға қарсы илажларды және де жеделлестириў, жумысқа қабыл етиў процесслерин толық санластырыў, мәмлекетлик сатып алыўлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, ишки қадағалаў системасын күшейтиў бойынша анық тапсырмалар берилди.
Н.Абдураимова, ӨзА