Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясына Патша Абдулла II  атындағы сыйлық тапсырылды

375

Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы «Динтаныў ҳәм дүнья динлерин салыстырмалы үйрениў ЮНЕСКО» кафедрасы тәрепинен усы жыл 4-8-февраль күнлери «Инсаный дослық ҳәм динлераралық қарым-қатнас – халықаралық аўызбиршилик факторы» сүрени астында илимий, мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт илажлары шөлкемлестирилген еди. Бул ҳәптелик Патша Абдулла II  атындағы «Жәҳән динлераралық татыўлық ҳәптелиги-2025» сыйлығына мүнәсип деп табылды.

Бүгин Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясында усы сыйлықты тапсырыў мәресими өткерилди.

2010-жыл 23-сентябрьде Иордания Патшасы Абдулла II  басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 65-сессиясында шөлкемлестирилген бул сыйлық ҳәр жылы февраль айының басында пүткил дүнья бойлап кең көлемде өткерилетуғын арнаўлы ҳәптелик жеңимпазына берилетуғынын атап өтиў керек.

Бул рет елимизде әнжуман шеңберинде 1300 ден аслам илаж шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, «Инсаный дослық ҳәм динлераралық қарым-қатнас – халықаралық аўызбиршилик факторы» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий семинар, «Диний тәлийматта кеңпейиллик» атамасындағы студентлер илимий әнжуманы, «Саламат исеним ҳәм аўызбиршилик – инсаный дослық тийкары» атамасындағы социаллық видеороликлер таңлаўы, Академия студентлери театр жәмәәтиниң «Сен жетим емессең» атамасындағы сахналық көриниси, Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети менен биргеликте «Өзбекстан – кеңпейил дияр» сүрени астында республикамыздағы миллий-мәдений орайлардың ўәкиллериниң қатнасыўында мәдений шығыўлар, түрли дин ўәкиллериниң қатнасыўындағы дослық илажы және шахмат, шашка, стол тенниси ҳәм мини-футбол бойынша «Спорт – мәдениятлар көпири» атамасында конфессиялараралық дослық жарысы шөлкемлестирилди.

Сыйлықты тапсырыў мәресиминде Иордания Ҳошимийлер Патшалығының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Демия Зуҳайр Ҳаддод, Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясының ректоры Музаффар Комилов, Дин ислери бойынша комитет баслығының биринши орынбасары Давронбек Махсудов, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси баслығының биринши орынбасары Ҳомиджон Ишматбеков, Сыртқы ислер министрлигиниң ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер қатнасты.

Елши жеңимпазларды қутлықлап, бул жетискенлик Өзбекстанның динлераралық қарым-қатнас ҳәм кеңпейиллик тараўындағы мәмлекетлик сиясаты халықаралық дәрежеде тән алынып атырғанын атап өтти.

Улыўмаинсаныйлық дослық ҳәм кеңпейилликти беккемлеў, өз-ара ҳүрмет ҳәм диний исенимниң көптүрлилигин аңлаў дүнья халықлары арасында тынышлық ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеўде әҳмийетли фактор екени илажда және бир мәрте атап өтилди. Сондай-ақ, елимизде миллетлераралық татыўлық ҳәм динлераралық кеңпейиллик принципи айрықша орын ийелейтуғыны, бул бағдарда тутас, терең ойланған сиясатты әмелге асырыўға қаратылған әмелий илажлар турмысқа енгизилип атырғанына итибар қаратылды.

Иордания Ҳошимийлер Патшалығының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Демия Зуҳайр Ҳаддод Академия ректоры Музаффар Комиловқа Патша Абдуллa II  атындағы «Жәҳән динлераралық татыўлық ҳәптелиги-2025» сыйлығын салтанатлы түрде тапсырды.

Камола Юсупова,

Носиржон Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА