Ли Чже Мён Қубла Корея президенти етип сайланды

“Тобуро” либерал-демократиялық партиясынан талабан Ли Чже Мён Қубла Кореяның жаңа президенти етип сайланды. Оған сайлаўшылардың дерлик 49 проценти даўыс берди.
61 жастағы Ли кәмбағал дийқан шаңарағында туўылған болып, ҳуқықтаныў бойынша билим алған. Ол 2010-2017-жыллары Соннам қаласын, 2018-2021-жыллары болса Кёнгидо провинциясын басқарған. 2022-жылғы президентлик сайлаўларында ол Юн Сок Ёлдан 1 проценттен азлаў айырмашылық пенен жеңилген.
2024-жыл январь айында Ли пышақ пенен исленген ҳүжимнен аман қалды (видеода), сондай-ақ, ол бес жынайый ис, соның ишинде, коррупция ҳәм Арқа Кореяға пул өткериўге байланыслы ислерде айыпланған.
Еслетип өтемиз, бул ретки президентлик сайлаўы Юн Сок Ёлға қарсы жәрияланған импичменттен соң өткерилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги