Россия меморандумының тийкарғы қағыйдалары мәлим етилди

Стамбулдағы сөйлесиўлер ўақтында Россия тәрепи де Киевке келиспеўшиликти шешиў бойынша меморандумды тапсырды. Ҳүжжеттиң толық тексти интернетте жәрияланды, деп хабар берди “РИА Новости”.
Меморандум “Соңғы келисимниң тийкарғы критериясы”, “Оқ атыўды тоқтатыў шәрти” ҳәм “Басқышлардың избе-излиги ҳәм әмелге асырыў мүддети” бөлимлеринен ибарат.
Биринши бөлимде тийкарғы талап төмендегише: Россия Федерациясының жаңа аймақларын тән алыў, Украина әскерлерин алып шығыў, Украинаның бийтәреплик статусы, сырт ел ҳәм ядролық күшлерди жайластырыўды қадаған етиў, Украина Қураллы Күшлериниң санын шеклеў ҳәм рус тилиниң рәсмий статусы. Сондай-ақ, санкцияны бийкарлаў, өз-ара даўлардан ўаз кешиў, Украина православ ширкеўи еркинлиги ҳәм дипломатиялық байланысты тиклеў де усыныс етилген.
Екинши бөлимде оқ атыўды тоқтатыўдың еки жолы көрсетилген – Украина әскерлерин РФ аймағынан жедел алып шығыў ямаса “пакет усыныс” – 10 қәдем, соның ишинде, мобилизацияны сапластырыў, қурал-жарақ жеткерип бериўди қадаған етиў, амнистия ҳәм президентлик сайлаўына таярлық.
Жуўмақлаўшы бөлим марҳумлардың өли денелерин алмастырыў ушын келисим дүзиў, оқ атыўды тоқтатыў ҳаққындағы келисимге қол қойыў, сайлаў ҳәм БМШта тынышлық шәртнамасын ратификациялаўды нәзерде тутады.
Россия делегациясының басшысы Мединскийдиң атап өтиўинше, меморандум ультиматум емес, ал келиспеўшиликти сиясий ҳәм дипломатиялық жол менен шешиў ушын тийкар болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги