Ментал арифметика бойынша балалар билими сынақтан өткерилди (+видео)

“ЗАКОВАТ” интеллектуаллық клубында ALOHA Ментал арифметика бойынша 8-Республикалық балалар жарысы болып өтти. Онда республикамыздың көплеген қалаларынан 5 жастан 13 жасқа шекемги 400 ге шамалас балалар қатнасты.
Бизге белгили, Abacus Learning of Higher Arithmetic – ALOHA жас балалар ушын мөлшерленген, мийдиң еки ярым шары үнлес раўажланыўына жәрдем беретуғын ҳәм қызықлы түрде өткерилетуғын халықаралық ментал арифметика бағдарламасы.
ALOHA командасы бул бойынша 2017-жылдан берли турақлы түрде Республикалық жарысларды шөлкемлестирип келмекте. Бул – балалар ушын өз қәбилетлерин көрсетиў, ең жақсы нәтийже ушын сыйлық алыў, дослары ҳәм шаңарағы менен қызықлы ҳәм пайдалы ўақыт өткериў имканияты.
Бүгинги күнге шекем АҚШ, Канада, Россия, Мексика, Германия, Ирландия, Испания, Ҳиндстан, Қытай, Малайзия сыяқлы дүньяның 45 мәмлекетинде 4 миллионнан аслам бала патентленген ALOHA бағдарламасы бойынша табыслы билим алмақта.
Ментал арифметика тек бағдар емес. Бул ажыралмас техника болып, оның жәрдеминде балаға тек ғана калькулятордан тезирек есаплаўды үйретиў емес, ал оның дөретиўшилик потенциалын, таллаў ҳәм сын көзқарастан пикирлеў қәбилетин раўажландырыў мүмкин. Бул пүткил мийди раўажландырыўға жәрдем береди ҳәм исенимди беккемлейтуғын ҳәм турмыстың барлық тараўларында табысқа үлес қосатуғын яд ҳәм дөретиўшилик сыяқлы тийкарғы көнликпелерди жақсылайды.
Илаж даўамында балалар кеўилашар бағдарламалар, соның ишинде, оқытыўшылар менен оқыў ойынларын өткерди. Жеңимпазларға сертификатлар тапсырылды.
Барлық қатнасыўшылар естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Гулноза Бобоева, ӨзА