Ўазыйпалар белгиленип, жумыс бағдары түсиндирилди

Мәмлекетимизде алып барылған мәҳәлле баслықларын сайлаў процеси орынларда халықтың даўыс бериў жолы менен ашық айданлықта алып барылып, сайланған мәҳәлле баслықлары өз жумысларын баслады.
Хожели районында район ҳәкими Ж.Ермашев басшылығында жаңадан сайланған мәҳәлле баслықлары менен ушырасыў өткерилди. Ушырасыўға Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының районлық бөлими баслығы Н.Пахратдинов, районлық шөлкемлестириў-кадрлар топары баслығы Д.Таджимуратов ҳәм 28 мәҳәлле ақсақаллары қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, мәҳәллелердеги машқалаларға шешим табыў бағдарындағы қабыл етилген қарар ҳәм пәрманларға кең түрде тоқтап өтти. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2023-жыл 21-декабрьдеги «Мәҳәлле институтының жәмийеттеги ролин түп-тийкарынан арттырыў ҳәм оны халықтың машқалаларын шешиўде басланғыш буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында»ғы пәрманы, 2023-жыл 21-декабрьдеги «Өзбекстан мәҳәллелери ассосациясының жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары талапларын түсиндирди. Ушырасыў даўамында пуқаралар жыйынлары баслықларының ўазыйпалары бирме-бир атап өтилип, аймақларда өз жумысын дурыс шөлкемлестириў ҳәм халықтың машқаласын шешиўде «мәҳәлле жетилиги» менен бирге ислесиў тәртибин жолға қойыў бағдарындағы ўазыйпалар белгилеп алынды.






Қарақалпақстан хабар агентлиги