«Жасыл мәкан» электрон платформасында ашықлық және де тәмийинленеди

225

“Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәм тоғайларды басқарыў системасында реформаларды избе-из даўам еттириў, жасыл аймақларды кеңейтиў илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманы (ПП-90-санлы, 30.05.2025 ж.) қабыл етилди.

– Пәрманға муўапық, терек ҳәм пута нәллериниң көгерип шығыўы, өсиўи, кеселлик ҳәм зыянкеслерге шыдамлылығын арттырыўдың мақсетли көрсеткишлери етип 2026-жыл 1-январьдан баслап төмендегилер белгиленди:

– туқымгершилик лабораторияларында республика аймақларының климат шараятына сәйкес өсимлик түрлеринен аналық плантацияларын шөлкемлестириў;

– мәмлекетлик тоғай хожалықлары тәрепинен жеткерип берилип атырған нәллер көлемин 2 есеге арттырыў.

– 2025-жыл 1-октябрьден баслап “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын әмелге асырыўда жәмиетшиликтиң қатнасын арттырыў, “Жасыл мәкан” электрон платформасында ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм санластырыўға қаратылған төмендеги механизмлер енгизиледи:

– халықтың басламасы менен терек егилиўи мүмкин болған анық аймақ, суў тәмийнаты, кейин ала өсириў имканияты ҳәм тереклердиң түрлерин көрсетиў;

– тоғай фондына кирмейтуғын терек ҳәм путалардың баҳалы сортларын нызамға қайшы түрде кескен ямаса жоқ еткен шахслар тәрепинен компенсация сыпатында егилген терек ҳәм пута нәллериниң есабын жүргизиў системасын енгизиў.

– 2025-жыл 1-ноябрьден баслап тоғай фонды жер майданлары айрықша қорғалады ҳәм олардың категориясын өзгертиў Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына муўапық әмелге асырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги