Балалар ушын «Жеткиншек» газетасы саўға

1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни дүнья көлеминде оларға болған меҳир, ғамхорлық ҳәм итибардың көриниси сыпатында кеңнен белгиленеди.
Усы сәне мүнәсибети менен Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси де илаж өткерди.
Партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Нурлыбай Қайыпбергенов Нөкис қаласындағы 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине барып, балаларды усы қутлы сәне менен қызғын қутлықлап, байрам мүнәсибети менен өткерилген илажда оларға естелик саўғаларын тапсырды.

Итибарлы тәрепи сонда, илаж шеңберинде партия баслығы тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң атынан қарақалпақстанлы балалардың сүйикли ҳәм тәрбиялық әҳмийетке ийе болған “Жеткиншек” газетасына жазылыў да шөлкемлестирилди. Бундай басламалар балалардың руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан раўажланыўына унамлы тәсир көрсетип, олардың китапқа ҳәм билимге болған қызығыўшылығын қәлиплестиреди.
Әлбетте, балалардың мәплерин қорғаў, олар ушын турақлы ҳәм саламат орталықты жаратыў, руўхый жетилисиўин тәмийинлеў партияның да тийкарғы ўазыйпасы болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги