Таңлаў жеңимпазлары сыйлықланды

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайында «Тонг юлдузи» ҳәм «Класс!» республикалық балалар ҳәм жас өспиримлер басылымлары редакциялары менен биргеликте шөлкемлестирилген «Климат өзгериўи ҳәм экология – балалар нәзеринде» таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илажды Миллий орай директоры Акмал Саидов алып барды.
Мәлим етилиўинше, таңлаўға 2025-жыл 12-февраль сәнесинде старт берилген болып, қысқа мүддет ишинде «Тонг юлдузи» ҳәм «Класс!» редакцияларына 300 ден аслам мақала, шығарма ҳәм басқа да дөретиўшилик жумыслар келип түскен.

Мәресим даўамында таңлаў қатнасыўшылары тәрепинен жиберилген айырым дөретиўшилик жумыслардан үлгилер оқып еситтирилди, видеороликлер көрсетилди. Жас дөретиўшилердиң дөретиўшилик жумысларында олардың тәбиятқа болған меҳир-муҳаббаты, экологиялық машқалаларға бийпәрўа емеслиги ҳәм ҳәр бир жумыста өзине тән қатнас анық көринди.
Жеңимпазлар «Ең жақсы мақала ҳәм шығарма» және «Ең жақсы видеоролик» номинациялары бойынша диплом, миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Илажда шығып сөйлегенлер жас әўладты ана-Ўатанға садықлық, тәбиятқа ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, экологиялық билимлерин арттырыў әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти.
Умиджон ҚУРБОНОВ,
ӨзАның хабаршысы