Суў қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыў ушын музлықларды қәстерлеп сақлаў үлкен әҳмийетке ийе

187

Тараў ўәкиллериниң атап өтиўинше, музлардың ериўи глобаллық климатты нормадағыдан  және 0,430С дәрежеге  ысытып жибереди.

Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимовтиң басшылығындағы делегация Душанбе қаласында (Тәжикстан) болып өткен музлықларды сақлаў бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық  конференцияда қатнасты.

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, А.Абдуҳакимов Орайлық Азияда  суў  қәўипсизлиги ҳәм  турақлы раўажланыў ушын музлықларды қәстерлеп сақлаў үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Қатнасыўшыларды  мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған экологиялық реформалар, соның ишинде, «Жасыл мәкан» басламасы, Арал теңизиниң қурыған түбин  көклемзарластырыў, жасыл технологиялар  ҳәм суўды үнемлеў системаларын енгизиў жойбарлары менен таныстырды.

Министрлер сөйлесиўи шеңберинде климат турақлылығы, музлықларды сақлаў ҳәм суў тараўындағы  бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Өзбекстан экологиялық сиясатқа комплексли қатнасты усыныў: «жасыл» экономика стратегиясы, Миллий бейимлесиў режеси, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы  Климат кеңеси ҳәм Миллий климат орайын шөлкемлестириў.  RESILAND жойбары, “Kopernik” бағдарламасы шеңберинде Европа Аўқамы менен бирге ислесиў ҳәм муз көллерин мониторинг етиў бойынша ЮНЕСКО жойбарларында қатнасыўға айрықша итибар қаратылды.

Климаттаныўшылыққа бағышланған сессияда  регион мәмлекетлери климат бойынша бирден-бир мағлыўматлар базасын жаратыў зәрүр екенлигин додалады. Өзбекстан Орайлық Азияны «жасыл» раўажландырыў концепциясын жуўмақлаў ҳәм 2026-жылға мөлшерленген «жол картасы»н таярлаў бойынша эксперт топарын қәлиплестириўди усыныс етти.

Сондай-ақ,  Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетиниң  (“Green University”)  экология, суўды үнемлеў ҳәм қайта тикленетуғын энергия тараўларында кадрлар таярлаў бойынша илимий платформа сыпатындағы роли де тастыйықланды.

Муҳайё  Тошқороева, ӨзА