Билимлендириў ҳәм медицинаға Мәмлекетлик бюджеттен қанша қаржылар ажыратылған?

223

Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2024-жыл және 2025-жылдың биринши шерегиндеги орынланыўы ҳаққындағы есабат көрип шығылмақта.

Бул мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров баянат жасамақта.

Есабатта келтирилгениндей, 2024-жылы Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң 50 проценти социаллық тараўға бағдарланған. Атап айтқанда, билимлендириў, илим, денсаўлықты сақлаў тараўларына социаллық қәрежетлердиң 72 проценти қаратылды. Билимлендириўге ажыратылған қаржылардың муғдары өткен үш жылда дерлик 12 триллион сумға арттырылды ҳәм 45 триллион сумға жетти.

– Жеке меншик мектеплерди қоллап-қуўатлаў бағдарындағы реформалар нәтийжесинде мәмлекетлик емес улыўма билим бериў мектеплериниң саны 115 ке жетти. 2024-жыл 1-сентябрьден баслап педагоглардың айлық мийнет ҳақылары 15 процентке арттырылды. Педагогларды материаллық хошаметлеў мақсетинде ҳәр айлық үстемелер ушын дерлик 2 триллион сум ажыратылды. Мектеплерде шет тиллерин оқытыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў мақсетинде мектеплерге 500 сырт елли муғаллимлер тартылып, оларға 111 миллиард сум төлеп берилди.

Халыққа сапалы медициналық хызметлер көрсетилиўин тәмийинлеў мақсетинде тараўға ажыратылған қаржылар муғдары 2023-жылға салыстырғанда 5 триллион сумға арттырылып, 36 триллион сумға жетти. Балаларды шаншыў ушын 240 миллиард сум, дәри-дәрмақ, медициналық қураллар ушын 3 триллион сум ажыратылды,-деди Бас министрдиң орынбасары.

Мәжилис өз жумысын даўам еттирмекте.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА