Қытай менен бирге ислесиў шеңбери кеңеймекте

176

1-2-июнь күнлери Самарқанд қаласында Өзбекстан-Қытай аймақлараралық форумы шеңберинде «Билимлендириў, илим ҳәм технология тараўында инновациялық бирге ислесиў» атамасындағы халықаралық форум шөлкемлестирилди.

Бул илаж еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликти және де беккемлеў, илим ҳәм технологиялық раўажланыў бағдарында жаңа баслама ҳәм жойбарларды алға қойыў мақсетинде өткерилмекте.

Форумда Өзбекстан ҳәм Қытайдың ҳәр қыйлы илимий ҳәм билимлендириў шөлкемлериниң ўәкиллери, жоқары билимлендириў орынларының ректорлары қатнаспақта

Олардың арасында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, академик Ахмед Реймовта қатнасып, форум шеңберинде әҳмийетли ҳүжжетлерден бири  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен Қытайдың абырайлы жоқары оқыў орынларынан бири болған Сиан шет тиллери университети арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Бул меморандум тәреплер арасында билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў тараўларында өз-ара тәжирийбе алмасыў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң академиялық мобиллигин жолға қойыў, биргеликтеги илимий конференциялар ҳәм семинарлар шөлкемлестириўди нәзерде тутады.

Өткерилген халықаралық форум Өзбекстан ҳәм Қытай арасында тек ғана экономикалық ҳәм сиясий емес, ал, билимлендириў ҳәм илим тараўында да турақлы ҳәм нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылып атырғанының және бир айқын дәлили болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги