Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы аймақлараралық бирге ислесиў раўажланбақта

Усы жылдың 1-2-июнь күнлери Самарқанд қаласында Өзбекстан-Қытай екинши аймақлараралық форумы өткерилди.
Форум жуўмақлары бойынша бүгин, 2-июнь күни Министрлер Кабинетинде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Қытай делегациясы басшысы – Қытай Халық Сиясий мәсләҳәт Кеңеси баслығының орынбасары, ШБШның қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў бойынша Қытай комитети баслығы Шэнь Юэюэ менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыў алдында Шэнь Юэюэ ханым Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин ҳәм Қытай Халық Сиясий мәсләҳәт кеңесиниң баслығы Ван Хунинниң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа жоллаған қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерип қойыўды сорады.
Бүгин еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў барлық шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди. Онда, әлбетте, мәмлекетлеримиз Жетекшилери арасындағы қызғын туўысқанлық қатнасықлары үлкен әҳмийетке ийе.
Қытай Өзбекстанның ғәрезсизлиги, аймақлық бирлиги ҳәм миллий мәплери жолында алып барып атырған сиясатты толық қоллап-қуўатлаўда даўам ететуғынын билдирди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Қытайдың Орайлық Азияда әҳмийетли саўда- экономикалық шериги есапланады. Мәмлекетимизде Қытай капиталының қатнасыўында 3700 ден аслам биргеликтеги кәрхана жумыс ислемекте. Инфраструктура, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, «жасыл» энергия тараўларында ири биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.
Усы жылдың 1-июнь күни мәмлекетлеримиз арасында күшке кирген визасыз тәртип еки мәмлекет исбилерменлери шеңберинде қатнасықларды раўажландырыў ҳәм туристлердиң ағымын жәнеде арттырыўда әҳмийетли орын тутатуғыны, сондай-ақ, Самарқанд қаласында өткерилген екинши аймақлараралық форумының жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған келисимлер ҳәм коммерциялық шәртнамалар өз-ара қатнасықларды раўажландырыўға үлес қосатуғыны атап өтилди.
Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықларды және де кеңейтиў, атап айтқанда, саўда-экономикалық, транспорт ҳәм логистика, санаат кооперациясы, мәдений-гуманитарлық ҳәм илим тараўларындағы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.
Қарақалпақстан хабар агентилиги