Өзбекстан дүнья графит базарына қосылды

229

Өзбекстан Европа алдыңғы углерод ҳәм графит материаллары ассоциациясының (ECGA) толық ағзасына айланды. Бул арқалы мәмлекет глобаллық графит санааты орайына Орайлық Азиядағы биринши мәмлекет сыпатында қосылды.

Белгия пайтахты Брюссельде болып өткен ушырасыўда Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты басқарма баслығының орынбасары Амир Абидов халықаралық жәмийетшиликке комбинаттың илимий-изертлеў жумыслары, өндирислик қуўатлықлары ҳәм технологиялық потенциалы ҳаққында презентация өткерди. Технологиялық металлар комбинатының илимге тийкарланған қатнасы ҳәм регионаллық жетекшилик позициясы ECGA ағзалары тәрепинен жоқары баҳаланды.


Егер биргеликтеги бирге ислесиўимиз избе-из даўам етсе, бул Европа Аўқамы ушын стратегиялық ресурслар тәмийнатында әҳмийетли орын ийелейди. Бул платформа технологиялық раўажланыў, санаат интеграциясы ҳәм билим алмасыў бағдарында үлкен имканиятлар жаратады, – дейди ассоциацияның бас хаткери Корина Хебестрейт.


Бул ассоциацияға ағзалық Өзбекстанға Европаның жетекши илимий орайлары менен бирге ислесиў, графит ҳәм углерод технологияларын Өзбекстанға трансферлеў, халықаралық маманлық бағдарламаларында қатнасыў, R&D ҳәм жасыл технологиялар бағдарында тәжирийбе алмасыў сыяқлы имканиятларды береди.

Мағлыўмат ушын: ECGA – 33 мәмлекет ўәкиллерин бирлестирген абырайлы платформа болып, графит ҳәм углерод материаллары тараўында алдыңғы технологиялар, илимий орайлар ҳәм ислеп шығарыўшыларды бир жерге жәмлейди.

МҒКА мәлимлеме агентлиги