«AIF – 2025»: халықаралық бирге ислесиў және де беккемленеди

Астанада өткерилген халықаралық форум (AIF – 2025)да 600 ге шамалас сырт елли мийманлар, соның ишинде, жетекши сиясатшылар, халықаралық шөлкемлер, корпорациялар, инвесторлар ҳәм илимий жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Форум бағдарламасына бола, заманымыздың тийкарғы машқалаларын қамтып алған жалпы мәжилис, додалаў ҳәм сөйлесиўлерге тийкарланған онлаған сөйлесиў майданшалары шөлккемлестирилди. Илаждың ашылыў мәресиминде Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Руанда, Шығыс Македония президентлери, басқа мәмлекетлердиң бас министрлери, орынбасарлары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Илаж жетпистен аслам мәмлекеттен келген жетекши мәлимлеме агентликлери, телеканаллар ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери тәрепинен сәўлелендирип барылды.

Форумда шығып сөйлеген БМШтың сегизинши басшысы Пан Ги Мун климат өзгериўи, қоршаған орталықтың кризиске ушыраўы ҳәм экономикалық өтиў дәўири келтирип шығаратуғын үлкен машқалаларды ҳеш бир мәмлекеттиң өзи шеше алмайтуғынын атап өтти. Шегаралар ҳәм сиясаттан шығып кететуғын бирден-бир регионаллық жуўап илажларын көриў зәрүр екенлигин атап өтти.
– Биз Орайлық Азияда, әсиресе, апрель айында болып өткен Самарқанд климат форумындағы тарийхый тилеклесликтен соң раўажланып атырған жасыл бирге ислесиўди жоқары баҳалаймыз, – деди П.Мун.

Астана халықаралық форумында Өзбекстан делегациясы да қатнасты. Форумдағы додалаўларда Өзбекстанның регионаллық бирге ислесиў, энергетика қәўипсизлиги ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиўдеги роли айрықша атап өтилди.
Форумда қайта тиклениўши энергия дәреклерине өтиў, трансшегаралық бирге ислесиў ҳәм суў ресурсларын нәтийжели басқарыў сыяқлы темалар додаланды. Өзбекстанның бул тараўлардағы басламалары регионаллық турақлылыққа үлес қосатуғыны атап өтилди.

Форум шеңберинде өткерилген брифингте Қазақстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң орынбасары Алибек Қуантиров Орайлық Азия регионындағы аўызбиршилик мәмлекетлер басшыларының сиясий ерк-ықрары нәтийжеси екенин атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Қазақстанның бирге ислесиў байланысларын қалай баҳалайсыз?” деген сораўымызға А.Қуантиров еки мәмлекет арасындағы исенимли бирге ислесиў байланыслары жоқары дәрежеде екенин тән алып, өзбек кәсиплеслеримиз бенен оғада тығыз бирге ислесиўди даўам еттирип атырмыз,” деп жуўап берди.
Абырайлы әнжуманда Қазақстан Республикасы санлы раўажланыў, инновациялар ҳәм аэрокосмослық санаат министри Жаслан Мадиев пенен де сәўбетлестик.
– Өзбекстан менен бирге ислесиўимиз оғада жақсы раўажланбақта, – деди Ж.Мадиев. – Кремний ойпатлығында биргеликтеги IT-парклеримиз бар, жақында Дубайда да биргеликтеги IT-парк шөлкемлестириў ҳаққында жәрияладық. Биз ҳәр қыйлы халықаралық форумлар ҳәм көргизбелерде қатнасып, стартапларымыз, технологиялық компанияларымызды биргеликте көрсетип келмектемиз. Биз турақлы тәжирийбе алмасып атырғанымыздың нәтийжесинде венчур фондлар шөлкемлестирип атырмыз, биргеликте экономикаларға инвестициялар киргизип атырмыз. Жақында Өзбекстанда болып, кәсиплеслеримиз бенен трансшегаралық телекоммуникация хызметлерин және де жетилистириў, Өзбекстан ҳәм Қазақстан IT компанияларының хызметлерин дүнья базарына алып шығыў, хызметлер экспортын арттырыў ҳәм еки мәмлекет технопарклери арасында нәтийжели бирге ислесиўди және де кеңейтиўди додаладық ҳәм әҳмийетли келисимлерге еристик.
«AIF – 2025» шеңберинде Стратегиялық реформалар агентлиги директоры Баҳодир Раҳматов Қазақстан Республикасының Стратегиялық режелестириў ҳәм реформалар агентлиги баслығы Асет Иргалиев пенен ушырасты.
2024-жылы еки Агентлик арасында қол қойылған Биргеликтеги ҳәрекетлер режесиниң орынланыўы бойынша пикир алысылды. Тәреплер ерисилген нәтийжелерди жоқары баҳалап, еки тәреплеме бирге ислесиўди жаңа пәтте даўам еттириў тилегин билдирди.
Форум шеңберинде Баҳодир Раҳматов ҳәм Қазақстан Миллий банки баслығының кеңесгөйи – санлы трансформация басшысы Бинур Жаленов пенен ушырасты. Онда Өзбекстан Республикасы Орайлық банки баслығының орынбасары Садир Мелибоев та қатнасты. Онда электрон төлемлердиң үлесин арттырыў перспективалары, миллий төлем системаларын раўажландырыў ҳәм санлы технологияларды банк инфраструктурасына интеграциялаў мәселелери додаланды. Тәреплер турақлы раўажланыў жолында қаржы тараўында санлы трансформацияны тереңирек алып барыў бойынша тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги көзқарасларды ислеп шығыўға қызығыўшылық билдирди.
Астана халықаралық форумы жуўмақланды. «AIF – 2025» халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, глобаллық машқалаларды додалаў ҳәм оларға шешим табыўда әҳмийетли роль атқарды.
Н.Абдураимова, ӨзА