Ал-Хорезмий атындағы III халықаралық математика олимпиадасы жуўмақланды

263

Усы жылдың 26-30-май күнлери Үргенш мәмлекетлик университетинде математика бойынша Ал-Хорезмий атындағы III халықаралық олимпиада өткерилди.

Бул абырайлы жарыста дүньяның жетекши мәмлекетлеринен Бразилия, АҚШ, Қытай, Ҳиндстан, Қубла Корея, Малайзия, Япония, Вьетнам, Россия, Сербия, Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркия, Түркменстан сыяқлы мәмлекетлерден, сондай-ақ, Өзбекстанның түрли жоқары билимлендириў мәкемелеринен математика тараўындағы қәбилетли студентлер қатнасты.

Олимпиада даўамында қатнасыўшылар қурамалы ҳәм қызықлы математикалық мәселелерди шешип, өзлериниң билимлерин көрсетти.

Олимпиаданың командалық беллесиўлериниң нәтийжелерине бола, Қытайдың Илим ҳәм технологиялар университети максимал 210 баллдан 189 балл топлап, 1-орынды ийеледи. Екинши орынды Қубла Кореяның Сеул миллий университети 187 балл менен қолға киргизди. Үшинши орын болса 186 балл менен Қытайдың Нанкаи университетине несип етти.

Сондай-ақ, индивидуал жарыс жеңимпазлары да мүнәсип сыйлықланды. Өз билим ҳәм шеберликлерин толық көрсеткен қатнасыўшыларға 10 алтын медаль, 19 гүмис медаль ҳәм 27 бронза медаль тапсырылды.

Командалардың тренерлери де итибарға алынып, мүнәсип сыйлықланды.

– Бул нәтийжелер олимпиадада қатнасқан студентлер ҳәм олардың устазлары тәрепинен үлкен табыс сыпатында қабыл етилди, – дейди математик илимпаз, ӨзИА академиги, профессор Шавкат Аюпов. – Олимпиаданың халықаралық көлемдеги әҳмийети, жас әўладты илимге тартыўдағы орны оғада үлкен деп билемен. Бундай жарыслар мәмлекетимиздиң илим ҳәм билимлендириў тараўында дүнья жәмийетшилигинде өз орнын беккемлеўге хызмет етеди.

Ал-Хорезмий атындағы III халықаралық математика олимпиадасының салтанатлы жабылыў мәресими миллий нама-қосықлар менен көтериңки руўхта болып өтти. Дәстүрий ҳәм заманагөй музыкалы шығыўлар мәресимге өзине тән рәңбәреңлик бағышлап, қатнасыўшылар ҳәм мийманларда жыллы тәсир қалдырды.

Аҳмаджон Шокиров,

ӨзАның хабаршысы