Миграция агентлигиниң мүрәжаты

Соңғы күнлерде социаллық тармақларда сырт елде жумыс ислеп жүрген ҳәм тилекке қарсы қайтыс болған ўатанласларымыздың денесин елимизге алып келиў ушын блогерлер, ҳәр қыйлы шахслар пластик карта номерлерин шығарып, пул жыйнаў акцияларын өткерип атырғаны бақланбақта.
Айырым жағдайларда ески ямаса надурыс мағлыўматлар тийкарында адамлардың сезимлеринен пайдаланып, алдаўшылық ететуғын шахслар көбеймекте. Бундай хабарларды көрсеңиз, ҳеш қандай пул өткермең.
Бул жағдайда нызамлы ҳәм исенимли жол – Өзбекстан Миграция агентлигине мүрәжат етиў. Егер Өзбекстан пуқарасы сырт елде қайтыс болған болса, Миграция қоры қаржылары есабынан мәмлекетке алып келинеди.
Мүрәжат ушын рәсмий байланыслар: (71) 202 33 55, қысқа номер: 1282. Телеграм-бот: @huquqiy_yordam_uzbot
Қарақалпақстан хабар агентлиги