Ҳуқықый тийкарлар, тийкарғы принциплер түсиндирилди

242

Ҳәзирги дәўирде коррупция көплеген мәмлекетлердиң экономикалық ҳәм сиясий потенциалына өзиниң унамсыз тәсирин көрсете алды. Оған қарсы гүресиў, турақлы түрде әмелге асырылыўы зәрүр болған әҳмийетли ўазыйпалардан бирине айланды.

Мине, усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен «Коррупция – мәмлекет раўажланыўына тосқынлық етиўши иллет» атамасында илаж шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасынан ўәкиллер қатнасып, коррупцияның келип шығыўы,  оның социаллық,  экономикалық ҳәм руўхый зыянлары,  коррупцияға қарсы гүресиӯдиң  ҳуқықый тийкарлары ҳәм механизмлери,  Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың мазмун-мәниси,  тийкарғы принциплери ҳаққында мағлыўматлар берди.

Атап өтилгениндей, 2017-жыл 3-январьда “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилип, елимизде коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый механизми жаратылды. Оның тийкарғы мақсети коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

Усы нызамының 3-статьясында тийкарғы түсиниклер берилген болып, онда коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳәм мәплер соқлығысыўына байланыслы түсиниклерге сыпатлама берилген, яғный коррупция – шахстың өзиниң лаўазым ямаса хызмет дәрежесинен жеке мәплерин, ямаса басқа шахслардың мәплерин гөзлеп материаллық ямаса материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қайшы түрде пайдаланыў, сондай-ақ, бундай пайданы нызамға қайшы түрде усыныў.

Бул Нызам, өз гезегинде, пуқараларға коррупция ҳәм коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықтың не екенлиги ҳәм олардың унамсыз иллетлери ҳаққында мағлыўмат береди.


Илажда 2024-жыл 5-июнь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасының «Мәплер соқлығысыўы ҳаққында»ғы Нызамының мазмун-мәниси де түсиндирилди. Нызамда мәмлекетлик уйымлардыӊ яки басқа шөлкемниӊ хызметкери, мәплер соқлығысыўы, мәплер соқлығысыўын тәртипке салыў бойынша арнаўлы бөлим, жеке мәпдарлық, жақын туўысқанлар сыяқлы тийкарғы түсиниклер киргизилгенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, илаж даўамында нызамшылық анализи коррупция менен байланыслы қылмысларға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары көбирек Өзбекстан Республикасының әмелдеги Жынаят кодексинде өз сәўлелениўин тапқанлығы ҳаққында да пикирлер билдирилди.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги