Оржаплы балалар енди жаңа бақшада тәрбияланады

«1-июнь – халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы алдында Шымбай районы Оржап мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 150 орынға мөлшерленген 17-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси пайдаланыўға тапсырылды.
Соны айрықша атап өтиўимиз керек, бул жаңа объект Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстанға сапары даўамында берилген тапсырмасы тийкарында 6,2 миллиард сум қаржы есабынан, қолы гүл қурылысшылар тәрепинен қурып берилди.
Жаңа балалар бақшасының ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, район ҳәкими А. Тажетдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өсип киятырған жас әўладқа ғамқорлық көрсетиў бүгинги күни мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екени, мектепке шекемги билимлендириў ушын бундай заманагөй шараятларды жаратыў аймақты турақлы раўажландырыў жолындағы әҳмийетли қәдем екенин атап өтти.



-Аймағымызда халық санының өсиўи менен балалар бақшасына болған талап күшли еди,-дейди аймақ турғыны Дәўлетбай Жорабеков.-Усыны инабатқа алып, районымыз басшылары ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы тапсырмасы тийкарында аймағымызға еки қабатлы, заманагөй үлгидеги жаңа бақшаны қурып берди. Буның ушын Президентимизге, республика ҳәм район басшыларына аймақ турғынлары атынан үлкен рахмет айтамыз.
Буннан соң илаж қатнасыўшылары балалар бақшасында тәрбияланыўшылар ҳәм педагог-хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар менен танысып, оларға өзлериниң унамлы пикирлерин билдирди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы