Мадияр Данияров Таиландтағы турнирди табыслы жуўмақлады

351

Таиланд пайтахты Бангкок қаласында бокс бойынша Thailand Open халықаралық турнири болып өтпекте.

Оған бокс спорты раўажланған дүньяның көплеген мәмлекетлеринен күшли боксшилер қатнаспақта.

Сол спортшылар арасында Өзбекстан сайланды командасы қурамында 60 кг салмақта қатнасып атырған республикамыз ўәкили Мадияр Данияров жарыстың дәслепки басқышында украиналы Власиук Максимни 3:2 есабында жеңген болса, шерек финалда филлипинли Жон Наполести 5:0 есабында жеңип, ярым финалға жолламаны қолға киргизген еди.

Ал, бүгин Мадияр Данияров  ярим финалда иорданиялы Моҳаммад Абуге қарсы рингке шығып, ушырасыў төрешилериниң қарары тийкарында 2:3 есабында жеңилип қалды.

Солай етип, жас боксшимиз бул халықаралық турнирди қола медалы менен жуўмақлады.

Боксшимизге алдағы жарысларда әўмет яр болыўын тилеп қаламыз!

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы