Балаларға байрам саўғалары тапсырылды

492

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасында  «1-июнь – халықаралық балалар күни»  мүнәсибети менен «Меҳир ҳәм итибар – ҳәр бир бала ушын» сүрени астында балаларға арналған байрам илажы өткерилди.

Кешеге басқарма хызметкерлери ҳәм олардың перзентлери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығының биринши орынбасары Бахтияр Оразбаев кеше қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлап, соңғы жыллары Президентимиз басшылығында елимизде балалардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, олардың тәлим-тәрбия ҳәм заман талабына сай билим алыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылып  атырғанын айтып берди ҳәм оларға басқарманың басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкеми тәрепинен таярланған байрам саўғаларын тапсырды.

Сондай-ақ, усы күни тараўдың жуўапкер басшылары Айрықша жағдайлар басқармасында хызмет бабында қайтыс болған хызметкерлердиң шаңарақларынан хабар алып, оларға байрам саўғаларын инам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.