Алибек Қуантыров: Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы исенимли бирге ислесиў байланыслары жоқары дәрежеде

Қазақстан пайтахты Астана қаласында «AIF – 2025» халықаралық форумы даўам етпекте. Онда жетекши сиясатшылар, халықаралық шөлкемлер, корпорациялар, инвесторлар, илимпазлар, журналистлер қатнаспақта.
Халықаралық қәўипсизлик, энергетика ҳәм климат өзгериўи, экономика ҳәм қаржы сыяқлы глобал мәселелерди додалаў қызғын даўам етип атырған илаж шеңберинде сессиялар, ушырасыўлар, брифинглер шөлкемлестирилмекте.
Қазақстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң орынбасары Алибек Қуантыров, «Қазақинвест» компаниясы басқарма кеңесиниң баслығы Ержан Елекеев, усы компанияның басқарма кеңеси баслығының орынбасары Мадияр Султанбек журналистлер менен ушырасыўда мәмлекет жетекшиси Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында конструктивлик бирге ислесиўге тийкарланған сыртқы сиясат жүргизилип атырғаны, сөйлесиўдиң үстинлиги, сондай-ақ, суверен ҳуқықларды ҳүрмет етиўге тийкарғы әҳмийет берилетуғыны атап өтилди.
Астана халықаралық форумы экономикалық ҳәм заманагөй технологиялар менен байланыслы глобал мәселелерди қамтып алған болса да, оның тийкарғы мәнисинде, әлбетте, дослыққа тийкарланған бирге ислесиў байланысларын күшейтиў мақсети жатыр. Астанадағы Конгресс орайында даўам етип атырған ири әнжуманға дүньяның жүзге шамалас мәмлекетинен 6 мыңға шамалас қатнасыўшы қатнаспақта.

Қазақстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң орынбасары Алибек Қуантыров Орайлық Азия регионындағы аўызбиршилик мәмлекетлер басшыларының сиясий ерк-ықрары нәтийжеси екенине итибар қаратты. Регион халықларының турмысына байланыслы мәселелер де бирге ислесиў тийкарында шешимин таўып бармақта.
ӨзАның «Өзбекстан ҳәм Қазақстанның бирге ислесиў байланысларын қалай баҳалайсыз?» деген сораўына А.Қуантыров еки мәмлекет арасындағы исенимли бирге ислесиў байланыслары жоқары дәрежеде екенин атап өтти. Биз өзбек кәсиплеслеримиз бенен оғада жақын бирге ислесиўди даўам еттирип атырмыз.
«Қазақинвест» компаниясы басқарыў кеңесиниң баслығы Ержан Елекеев еки мәмлекет арасында саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиў, сондай-ақ, санаат тараўында бирге ислесиўге байланыслы «жол картасы» бар екенлигин атап өтти.
– Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги жанындағы Инвестицияларды тартыў агентлиги менен турақлы сөйлесиў, тығыз бирге ислесиўимиз бар, – деди Е.Елекеев. – Мәселен, келеси ҳәптеде Ташкентте ири халықаралық форум өткерилиўи режелестирилген. Биз де оған қатнасамыз. Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде инвестиция тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў режеси де бар. Не ушын мен бул мәселеге итибар қаратып атырман? Себеби, Япония, АҚШ ямаса Европа Аўқамындағы ири мәмлекетлер Орайлық Азияны тутас бир регион сыпатында көреди. Соның ушын биз ушын өз-ара бәсекилес болыў емес, ал биргеликтеги инвестициялық жойбарларды алға қойыў тек пайда келтиреди. Мәселен, логистика, кәншилик ҳәм металлургия, автомобиль ислеп шығарыў тараўында өзбек кәсиплеслеримиз оғада жедел раўажланбақта. Қазақстан, Өзбекстан ҳәм басқа да Орайлық Азия мәмлекетлери биргеликтеги инвестициялық шешимлерди ислеп шығыўымыз мақсетке муўапық.
– Жақында Ташкентте болып, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги Лазиз Қудратов пенен ушырасып, мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң унамлы нәтийжелерин додаладық, – деди «Қазақинвест» компаниясы басқарыў кеңеси баслығының орынбасары Мадияр Султанбек. – Усы жерде бир мысал келтирсем, өткен жылдың өзинде Қазақстанда жумыс алып барып атырған өзбекстанлы компаниялардың саны 19 процентке артты. Бул компаниялар ямаса толық өзбек капиталына ямаса биргеликтеги өзбек-қазақ капиталына ийе. Ҳәзирги күнде олардың саны 3,3 мыңға жетти. Бул болса, өзбек бизнесиниң мәмлекетимизге болған үлкен қызығыўшылығын көрсетеди.
Болажақ Ташкент форумы шеңберинде қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўимизди және де беккемлеў нийетиндемиз.
Норгул Абдураимова, ӨзА
Ташкент – Астана