TATU студентлери жаратқан қосымша “Huawei ICT Global” таңлаўында Топ-3 ликке кирди

Бүгинги күнде жасалма интеллект имканияты шекленген инсанларға да көплеген мүмкиншиликлер жаратпақта. Мысал ушын, көзи әззи инсанлар пайдаланыўы ушын даўыслы қолланбалар, яғный аудиокитаплар жаратылмақта. Еситиў бойынша нуқсаны барлар ушын да түрли қосымшалар усыныс етилмекте.
Бул бағдарда Қытайда өткерилген “Huawei ICT Competition” глобал таңлаўында Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети студенлериниң жәмәәти өзиниң “Sahiya” – SI тийкарындағы еситиў қәбилети төмен адамлар ушын мөлшерленген интеллектуаллық қосымшаны усыныс етти.

Бул қосымша арқалы өзбекстанлы жаслар таңлаўда үшинши орынды ийеледи.
Буннан тысқары Бахрейн, Ирак, Қазақстан, Ливан, Пакистан ҳәм Саудия Арабстаны сыяқлы мәмлекетлердиң жәмәәтлери «Тармақлар», «Булыт», «Есаплаў» ҳәм «Инновациялар» сыяқлы жарыс бағдарларында көплеген сыйлықларға ийе болды.
Жаслар өзлериниң алдынғы шеберлигин көрсетиў арқалы региондағы санлы билимлериниң жедел раўажланыўын тастыйықлады.

Н.Раҳмонова, ӨзА