Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қумайқус» аўылында жайласқан 32-санлы мектепте «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде капитал оңлаў жумыслары алып барылған еди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

Капитал оңлаў жумысларына мәмлекетлик бюджеттен 797 млн сум қаржы ажыратылды.

Жаңа оқыў жылы алдынан мектепте капитал оңлаў жумыслары толық жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды. Мектептиң ашылыў салатанатына район ҳәкими ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты.

Мағлыўмат ушын, бул мектеп 140 орынға мөлшерленген болып, ҳәзирги ўақытта 102 оқыўшы билим алмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги