Астанада «Орайлық Азия – Қытай» медиа форумы басланды

Астана қаласында Қытай Халық Республикасы ҳәм регионның бес мәмлекети – Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында «Орайлық Азия – Қытай» халықаралық медиа форумы жумыс баслады. Қытайдың абырайлы басылымларынан бири сыпатында тән алынған «Жэнминь жибао» ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти телерадиокомплекси менен биргеликте шөлкемлестирилген мәжилисте сиясий уйымлардың ўәкиллери, дипломатлар, ғалаба хабар қуралларының басшылары, сондай-ақ, медиа экспертлер ҳәм баспалардан ибарат 200 ге шамалас делегат қатнаспақта.
Әнжуманның ашылыўында Қазақстанның ишки сиясат ҳәм коммуникациялар бойынша жәрдемшиси Арман Кырыкбаев Қасым-Жомарт Тоқаевтың медиа-форум қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди. Сондай-ақ, мәжилис алдында Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети үгит-нәсиятлаў бөлими баслығының орынбасары Ху Хэпин, Қазақстан Республикасы Президенти телерадиокомплексиниң Бас директоры Раушан Кажибаева, «Жэнминь жибао» газетасы бас редакторының орынбасары Фан Цзяньшань ҳәм басқалар қутлықлаў сөзи менен шығып сөйледи.


Бул илаждан гөзленген тийкарғы мақсет, ҒХҚ бирге ислесиўиниң жаңа имканиятларын додалаў, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм тез өзгерип атырған медиа мәканда биргеликтеги басламаларды алға қойыўдан ибарат. Додалаўлар шеңберинен санлы трансформация, ҒХҚға жасалма интеллектти енгизиў, креатив индустрияны раўажландырыў, медиа саўатлылықты арттырыў, жалған жаңалықларға қарсы гүресиў, сондай-ақ, регионаллық өзине тәнлик ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги сыяқлы мәселелер орын алды. Экспертлердиң пикиринше, бул форум келешекте Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай мәлимлеме бирге ислесиўин беккемлеў, глобаллық машқалалар шараятында медиа шериклиги ушын жаңа горизонтлар ашыў ушын әҳмийетли майданға айланады.
Мырза Фан Цзяншань ҳәзир дүнья мисли көрилмеген өзгерислерди басынан өткерип атырғанына итибар қаратты:


– Бүгинги глобалласыў дәўиринде жаңа шақырық ҳәм имканиятларға дус келип атырмыз. Факт, саламат пикир ҳәм улыўмалық билим үлкен әҳмийетке ийе болып атырған бир ўақытта жалған хабар, қолайсыз пикирге қарсы турыўымыз, регионда анық жәмийетлик пикирди сақлаў ушын биргеликте ҳәрекет етиўимиз керек. Тийкарғы мәпимизге байланыслы барлық мәселелерде бир-биримизди қатаң қоллап-қуўатлаўымыз керек. Мәлимлеме технологияларының раўажланыўы ғалаба хабар қуралларының жумысын өзгертпекте. Соның ушын мәлимлеме агентликлери, телевидение, газета ҳәм радио заманагөй технология жетискенликлеринен белсене пайдаланыўы керек.
Раушан Кажибайева ханым «Уллы Жипек жолы» дүнья тәртибиндеги үлкен өзгерислердиң тек ғана гүўасы емес, ал ҳәрекетлендириўши күшине айланғанын, бүгинги күнде Шығыс ҳәм Батысты байланыстыратуғын қурғақлықтағы саўда жолы идеясы және де әҳмийетли түрге енип атырғанын атап өтти:


– «Бир мәкан, бир жол» жойбары тек ғана инфраструктура ҳәм экономика менен байланыслы емес, ал инсанияттың улыўма тәғдири идеясына тийкарланған философия да болып есапланады. Биз ҳәммемиз «Уллы Жипек жолы»ның мийрасхорларымыз ҳәм бүгинги күнде өним емес, ал идея, мәни ҳәм исеним шынжыры ҳаққында сөз етилип атырғаны символикалық мәниге ийе. Мәмлекетлер арасындағы ҳақыйқый жақынлық инсаный түсиник ҳәм қызығыўшылықтан басланады. Бул процессте ҒХҚның орны оғада әҳмийетли.
Күнниң екинши ярымында дөгерек сәўбети түринде журналистлердиң қатнасыўында медиа сөйлесиў шөлкемлестирилди. «Жипек жолы ҳаўазы» атамасындағы киши фильм көрсетилди.

Өткир АЛИМОВ, Абдуазиз ХИДИРОВ,
ӨзАның хабаршылары
Астана қаласы, Қазақстан.