«Tashkent Law Spring – 2025» шеңберинде суд экспертиза тараўына бағышланған сессия болып өтти

190

Ташкент қаласында өтип атырған «Tashkent Law Spring – 2025»  IV халықаралық юридикалық форумы шеңберинде Республикалық суд экспертизасы орайында «Суд экспертизасында жаңа технологиялық шешимлер» темасында арнаўлы сессия шөлкемлестирилди.

Оған Россия, Польша, Әзербайжан, Қазақстан, Грузия ҳәм Түркия сыяқлы мәмлекетлердиң суд-экспертиза мәкемелериниң басшылары ҳәм қәнигелери қатнасты. Сессияда, сондай-ақ, Өзбекстандағы барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес суд-экспертиза мәкемелери, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери де қатнасты.


Сессия даўамында суд экспертизасы тараўының әҳмийетли мәселелери додаланды, бирге ислесиў бағдарлары бойынша усыныслар билдирилди.

Сондай-ақ, қатнасыўшылар Өзбекстанда суд экспертизасын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның ишинде, NGS технологиялары тийкарында ДНК анализи, суд-тергеў уйымлары арасында «E-ekspertiza» мәлимлеме системасы арқалы жолға қойылған бирге ислесиў ҳәм 500 ден аслам методикаларда исленген жаңалықлар менен таныстырылды.


Х.Сулайманова атындағы Республикалық суд-экспертиза орайының ISO-17025 халықаралық сертификатын қолға киргизгени де айрықша атап өтилди.

Буннан тысқары, сессия шеңберинде суд экспертлери ушын сырт елли қәнигелердиң қатнасыўында «Санлы суд экспертизасының жаңа тенденциялары» темасында мастер-класс ҳәм дөгерек сәўбетлери де өткерилип, қатнасыўшылар өз-ара тәжирийбе алмасыды.

Умиджон Қурбонов, ӨзА