Өзбекстан ҳәм Италия стратегиялық шериклик қатнасықларында жаңа дәўир басланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Италия Республикасының Бас министри Жоржа Мелони 28-29-май күнлери рәсмий сапар менен елимизде болды.
Самарқандтағы сапар етиўдиң тийкарғы илажлары 29-май күни өткерилди.
Самарқанд қаласындағы Конгресс орайында Италия Республикасы Бас министрин рәсмий күтип алыў мәресими болды.
Орай алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты.


Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды шын жүректен күтип алып, минберге мирәт етти.
Әскерий оркестр еки мәмлекеттиң гимнлерин атқарды. Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын қутлықлады.

Буннан соң Конгресс орайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Италия Республикасы Бас министри Жоржа Мелонидиң жүзбе-жүз ҳәм рәсмий делегациялардың қатнасыўындағы сөйлесиўлери болып өтти.
Еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

2023-жыл июнь айында Рим қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Кейинги жыллары товар алмасыў көлеми, соның ишинде, жеткерип берилип атырған өнимлердиң түриниң кеңейиўи есабынан дерлик үш есеге артты.
Биргеликтеги кәрхана ҳәм жойбарлардың саны еки есеге көбейди. Италияның жетекши компаниялары менен металлургия, электротехника, аўыл хожалығы, шарўашылық, туризм ҳәм басқа да тараўларда өз-ара пайдалы кооперация жолға қойылған.
Өзбекстан делегациясы Венециядағы бийенналеда белсене қатнасты, Флоренцияда көргизбе өткерилди. Өткен жылы декабрь айында Рим ҳәм Виарежо қалаларында Өзбекстан мәденияты күнлери болып өтти.
Мәмлекетимизде Турин ҳәм Пиза университетлериниң филиаллары табыслы жумыс алып бармақта. Апрель айында ректорлардың екинши форумы нәтийжели өтти.
Тәреплер жедел сиясий алмасыўды даўам еттириўди қоллап-қуўатлады.
Усы жылы апрель айында Самарқандта болып өткен нәтийжели саммитке муўапық Европа Аўқамының институтлары менен жедел бирге ислесиў даўам еттириледи. Әмелий нәтийжелерге итибар қаратқан ҳалда «Орайлық Азия – Италия» саммитин өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Саўда тараўында бизнеске техникалық жәрдем бағдарламаларын кеңейтиўге келисип алынды. Европа Аўқамы базарына шығыў ушын өзбекстанлы экспортшыларды оқытыў, Ташкентте биргеликтеги Сертификациялаў орайын шөлкемлестириў, Муўапықлықты баҳалаў ҳаққындағы келисимди қабыл етиўди тезлестириў солардың қатарына киреди.
Мәмлекетимиз басшысы Италияның жетекши компаниялары менен Технологиялық шериклик бағдарламасын иске қосыўды усыныс етти.
Жеке меншик исбилерменликтиң инновациялық жойбарлары, оғада әҳмийетли минераллар ҳәм аўыл хожалығы шийки затын терең қайта ислеў, автомобиль қурылысы ушын комплектлеўши бөлеклер, электротехника, энергетика, азық-аўқат, фармацевтика, қурылыс санаатында жоқары технологиялық өнимлер ислеп шығарыў, тоқымашылық, былғары, мебель қурылысы ҳәм басқа да тармақлар ушын дизайн орайларын шөлкемлестириў тийкарғы бағдарлар сыпатында атап өтилди.
Бундай жойбарлар Европа операторы басқарыўында Ташкент ўәлаятында шөлкемлестирилетуғын санаат паркине жайластырылыўы мүмкин.
Жойбарларды қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлерин иске қосыў ушын биргеликтеги инвестициялық фондты шөлкемлестириў, сондай-ақ, Италияның «SACE» ҳәм «SIMEST» мәмлекетлик агентликлерин тартыў мәселеси көрип шығылады.
Комплексли «жол картасы» тийкарында аўыл хожалығында кең көлемли илимий-технологиялық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Жүзим, зайтун, шафран, спаржа жетистириў, агролабораториялар шөлкемлестириў, биотехнологияларды раўажландырыў ҳәм агроқамсызландырыўды енгизиў бойынша кооперациялық перспективалар атап өтилди.
Жаңа жойбарларды алға қойыў мақсетинде Ҳүкиметлераралық топардың жумысын қайта тиклеў ҳәм оның мәжилисин бизнес форум менен бирге өткериўге келисип алынды.
Өзбекстан ҳәм Италия аймақлары арасындағы шериклик қатнасықларын кеңейтиў шеңберинде Ломбардия губернаторы Аттилио Фонтананиң сапары ҳәм биринши Аймақлар форумы шеңберинде әмелий нәтийжелерге ерисиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Билимлендириў тараўында мәмлекетимизде Тушия университетиниң филиалын, Пиза, Тренто, Рома Тре ҳәм Ка-Фоскари университетлери менен еки тәреплеме диплом бағдарламаларын иске қосыў режелери қоллап-қуўатланды.
Өзбекстанда Италия мәденияты күнлерин өткериўге келисип алынды.
Сапар етиў шеңберинде мийнет миграциясы тараўында системалы бирге ислесиўди жолға қойыўға қаратылған келисимге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша комплексли «жол картасы»н таярлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Италия Республикасы Бас министри Жоржа Мелони Стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияны қабыл етти.

Олардың қатнасыўында сапар шеңберинде қол қойылған, соның ишинде:
– инвестицияларды хошаметлеў ҳәм өз-ара қорғаў ҳаққында;
– стратегиялық әҳмийетке ийе шийки зат тараўында бирге ислесиў ҳаққында;
– миграция ҳәм ҳәрекетлениў еркинлиги тараўында бирге ислесиў ҳаққында;
– турақлы раўажланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, сондай-ақ, мәдений мийрасты сақлаў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында;
– Климат қоры ҳәм Италия аўыл хожалығы коньфедерациясы менен бирге ислесиў, «Sogesid» ҳәм «Ansaldo» компаниялары менен «жасыл» раўажланыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында;
– Тушиа, Пиза ҳәм Турин университетлери менен шериклик ҳаққындағы еки тәреплеме келисимлерди алмасыў мәресими де өткерилди.
Сондай-ақ, рәсмий сапар шеңберинде Италия Миллий изертлеў орайы, «SIMEST» ҳәм «Danieli» компаниялары, Перужа университети ҳәм басқа да шөлкемлер менен бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.
Жоқары дәрежедеги Өзбекстан – Италия сөйлесиўлери жуўмақланғаннан соң, Самарқанд қаласындағы көшеге Рим қаласының атын бериўге бағышланған салтанатлы мәресим өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бул қарар терең тарийхый ҳәм мәдений байланыслар, стратегиялық шериклик қатнасықларының ҳәзирги жоқары дәрежесин есапқа алған ҳалда, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Италия халықлары арасындағы дослық ҳәм өз-ара ҳүрмет белгиси сыпатында қабыл етилгенин атап өтти.
Буннан соң Шавкат Мирзиёев ҳәм Жоржа Мелони Конгресс орайында шөлкемлестирилген «Өзбекстан ҳәм Италия: цивилизациялар қарым-қатнасы» көргизбесин тамашалады.

Бийтәкирар экспозиция еки мәмлекет арасындағы терең тарийхый, илимий ҳәм мәдений байланысларға бағышланған. Ол «Рим ҳәм Кушан империяларының саўда қатнасықлары», «Биринши Ояныў дәўири», «Марко Поло», «Әмир Темур», «Мырза Улығбек» ҳәм «Заҳириддин Муҳаммед Бабур,» «XIX әсирде Өзбекстандағы италиялылар», «Екинши жер жүзилик урыста өзбекстанлылардың Италияны азат етиўге қосқан үлеси», «Өзбекстан ҳәм Италия: мәдений мийрасты сақлаў» сыяқлы 9 темадағы бөлимнен ибарат.
Мийманларға Афросиёбтың «Самарқанд ҳүкимдары тәрепинен елшилерди қабыл етиў мәресими» атамасындағы дийўалдағы сүўреттиң белгили италиялы уста Мауро Пеллицонни тәрепинен Флоренция мозаикасы усылында исленген бийбаҳа нусқасы көрсетилди.
Сондай-ақ, жетекшилер ҳәр қыйлы тарийхый естеликлер, графикалық сүўретлер, қолжазба ҳәм миниатюралар, сийрек ушырасатуғын әдебий басылымлар, мүсинлер, архив сүўретлери ҳәм ҳүжжетлери менен танысты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Италия Бас министри Жоржа Мелони Конгресс орайы қыябанында биргеликте емен екти.

Мәресим еки мәмлекет халықларының дослығы, Өзбекстан – Италия стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўге болған исенимли умтылысының белгиси болды.
Усының менен Италия Бас министри Жоржа Мелонидиң елимизге сапары жуўмақланды.
Бул сапар етиў Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы тарийхый жақын байланысларды ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўда жаңа басқышты баслап беретуғынына гүман жоқ.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары