Қасым – Жомарт Тоқаев: Қазақстан заманагөй тыныш емес дүньяға конструктивлик бирге ислесиў призмасы арқалы қарайды

Қазақстан Республикасы пайтахтында Астана халықаралық форумы – “AIF – 2025″ өз жумысын баслады. Онда 600 ге шамалас сырт ел мийманлары, соның ишинде, жетекши сиясатшылар, халықаралық шөлкемлер, корпорациялар, инвесторлар ҳәм илимий жәмийетшилик ўәкиллери қатнаспақта.
70 тен аслам мәмлекеттен келген жетекши мәлимлеме агентликлери, телеканаллар ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери форум жумысын тиккелей сәўлелендирип бармақта.
Форумның ашылыўында Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев шығып сөйледи. Астана халықаралық форумы қатнасыўшыларын қанаатланыўшылық пенен қутлықлаған мәмлекет басшысы бул ушырасыў дүньяда үлкен анықсызлық ҳүким сүрип атырған бир ўақытта өтип атырғанына итибар қаратты.

“Бул халықаралық қатнасықлардың кесилиспеси, шешиўши дәўири, деп тәрийплеўимиз мүмкин. Бирақ, бул жуўмақты тарийхшыларға тапсырыў керек. Енди бул жағдайға қандай мүнәсибетте болыўымыз әҳмийетли,” деди Қ.Тоқаев.
Қазақстан жетекшиси өткен жылғы мағлыўматларға бола, 52 мәмлекет қураллы соқлығысыў жағдайында болғанын айтып өтти. Зорлықтан көрилген экономикалық шығынлар 19 триллион долларға жеткен. Бул дүнья жалпы ишки өниминиң шама менен 13,5 процентин қурайды.
– Қазақстан заманагөй тыныш емес дүньяға конструктивлик бирге ислесиў призмасы арқалы қарайды,-деди Президент. – Биз сыртқы сиясатымызда бөлиниўден көре қарым-қатнас үстинлигине, сондай-ақ, суверен ҳуқықларды ҳүрмет етиўге сүйенемиз. Миллий мақтаныш ҳәм халықлардың тарийхый ҳәм мәдений дәстүрлерин менсинбеў қабыл етилиўи мүмкин емес. Соның менен бирге, барлық миллий азшылықлардың өз тиллеринде сөйлеў ҳәм өз мәдениятларын раўажландырыў ҳуқықын ҳүрмет етиў керек. Соның ушын биз Қазақстанда “Ҳәр түрлиликтеги бирлик” принципин қатаң қорғаймыз.
Форумда Руанда Республикасы Президенти Пол Кагаме, Арқа Македония Президенти Гордана Силяновска-Давкова шығып сөйледи ҳәм олар да өз-ара бирге ислесиў дүнья халықлары ушын әҳмийетли екенин айрықша атап өтти.
“AIF -2025″те сыртқы сиясат ҳәм халықаралық қәўипсизлик, энергетика ҳәм климат өзгериўи, экономика ҳәм қаржы сыяқлы глобал мәселелер терең талланады.
Форум өз жумысын даўам еттирмекте.
Норгул Абдураимова,
ӨзА
(Ташкент – Астана)