«Жеңис парки»нде қорғаныў тараўында инновациялық технологиялар фестивалы басланды

246

Фестивальда Қураллы Күшлерге зәрүр болған заманагөй технологиялар, металлургия, химия санааты ҳәм текстиль тараўында еки мақсетке мөлшерленген өндирислик шөлкемлер, ири кәрханалар ҳәм физикалық тәреплер және ойлап табыўшылар өзлериниң өнимлери менен қатнаспақта.

Бул ҳаққында Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти хабар берди.

Илаждың салтанатлы ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-майор Шуҳрат Холмуҳамедов шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды елимизде екинши мәрте өткерилип атырған усы фестиваль менен қутлықлап, елимиздиң қорғаныўы ушын өз үлесин қосып атырған исбилерменлерге миннетдаршылық билдирди.

Соңғы жыллары Қураллы Күшлеримиз Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында миллий армиямызды түп-тийкарынан өзгертиў, әскерий тараўға байланыслы инновациялық идеялар менен технологияларды кеңнен енгизиў, сондай-ақ, илимий-изертлеў, тәжирийбе-конструкторлық илажларды нәтийжели жолға қойыў бағдарында кең көлемли әмелий жумыслар алып барылып атырғанын атап өтиў керек.

Елимизде заманагөй қорғаныў санааты тараўында да түпкиликли реформалар әмелге асырылып, жаңа завод ҳәм кәрханалар қурылып, заманагөй технология ҳәм үскенелер алып келинди. Әмелдеги әскерий заводларымыз модернизацияланды. Әскерий-техникалық тараўда 50 ге шамалас мәмлекет пенен бирге ислесиў орнатылып, 30 дан аслам алдыңғы сырт ел компаниялары менен шәртнамаларға қол қойылды. 40 жергиликли кәрхана менен бирге ислесиў жолға қойылды. Ислеп шығарылып атырған өним түрлери 155 ке жеткерилип, хызмет көрсетиў 2,5 есеге арттырылды.

Инновациялық идеяларды әмелиятта сынақтан өткериў, жаслар арасында заманагөй технологияларға қызығыўшылықты және де күшейтиў ҳәм инженерлик тараўларына кеңнен тартыў, ислеп шығарыўшы жергиликли кәрхана ҳәм шөлкемлерди қорғаныў санааты тараўына бағдарлаў мақсетинде, мине, еки жылдан берли, «Жеңис парки» естелик комплекси аймағында қорғаныў тараўындағы инновациялық технологиялар фестивалы шөлкемлестириледи.

Фестивальдың быйылғы илажлары шеңберинде де қорғаныў санаатына байланыслы заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалар, робототехникалар, химия-технологиялар, кән-металлургия тараўы және әскерий ҳәм еки түрли мақсетке мөлшерленген өнимлер көргизбеси қойылады.

Сондай-ақ, көргизбе шеңберинде қатнасыўшы компаниялардың «В2В» бизнес илажлары режелестирилген. Буннан тысқары, фестиваль шеңберинде жаслар арасында «Кибер спорт», «Хакерлик шебери», «Программаластырыў», «3D модельлестириў технологиялары», «Роботлар урысы», «Ушыўшысыз ушыў аппаратларын жойбарластырыў», «Ракетамодель», «Дрон-рейсинг» ҳәм «Келешек транспорт технологиялары робототехникасы» бағдарларында жарыслар өткериледи.

Программаластырыў ҳәм робототехникаға қызығатуғын жасларымыз ушын бул фестиваль өз идеяларын әмелге асырыў ҳәм тараўдағы билимлерин және де раўажландырыў жолында биринши қәдем болады. Фестивальда таңлап алынған қәбилетли жаслар ҳәм пуқараларға келешекте Қорғаныў санааты кәрханалары менен заводларында өндиристи жолға қойыўы ҳәм жумысқа орналасыўы ушын кең имканиятлар жаратылады.

Фестиваль даўамында режелестирилген көргизбе ҳәм жарыслар өз-ара ҳүрмет, саламат бәсеки, ҳақыйқый ўатансүйиўшилик руўхында өтиўи ҳәм жарқын мәўритлерге бай болыўы күтилмекте.

Фестивал илажлары 1-июньға шекем даўам етеди.

И.АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршысы