Суд Трамптың глобал тарифлерди енгизиўде ўәкиллик шеңберинен шетке шыққанын анықлады

255

АҚШтың федерал суды президент Дональд Трамптың импортқа глобал тарифлерди енгизиўде өз ўәкиллигинен шығып кеткенин анықлады ҳәм оларды тоқтатыў ҳаққында қарар шығарды.

Суд қарарына бола, Трамп тарифлерди енгизиў ушын тийкар етип көрсеткен нызам президентке дерлик пүткил дүнья жүзине бажы салыў ҳуқықын бермейди. Басқа мәмлекетлер менен саўданы тәртипке салыў бойынша толық ўәкилликлерди Конституция Конгресске берген.

Қарар жәрияланғаннан соң, Трамп администрациясы апелляция шағымын киргизди. Егер суд қарары апелляция инстанциясында ҳәм итимал Жоқары судта тастыйықланса, тарифлердиң көпшилиги (барлығы емес) тоқтатылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги