Өзбекстанның Иорданиядағы жаңа елшиси тайынланды

172

Өзбекстанның Иорданияға жаңадан тайынланған елшиси Нодиржон Турғунов 28-май күни усы мәмлекет Сыртқы ислер ҳәм сырт елдеги ўатанласлар менен ислесиў министрлигиниң бас хаткери Мажид ал-Қатарнаға исеним жарлықларының нусқаларын тапсырды.

“Дүнё” МАның хабар бериўинше, сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Иордания қатнасықларын жеделлестириў, сондай-ақ, БМШ, Ислам бирге ислесиў шөлкеми сыяқлы халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги өз-ара бирге ислесиў мәселелери додаланды. Еки дос мәмлекет арасында беккем тарийхый ҳәм мәдений байланыслар бар екенлиги айрықша атап өтилген.

“Сиясий сөйлесиўди кеңейтиў перспективалары, соның ишинде, ҳәр қыйлы дәрежедеги өз-ара сапарларды шөлкемлестириў ҳәм биргеликтеги илажлар, атап айтқанда, сыртқы ислер министрликлери арасында сиясий мәсләҳәтлесиўлер ҳәм ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислерин өткериў арқалы додаланды,” – деп қосымша етиледи хабарда.

Сондай-ақ, ушырасыўда тәреплер саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, исбилермен топарлар арасындағы байланысларды жеделлестириў ҳәм биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўдан өз-ара мәпдар екенлигин билдирди. Экономикалық дипломатияны жедел алға қойыў бойынша анық усыныслар көрип шығылды. Мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў, туристлик алмасыўды көбейтиўге айрықша итибар қаратылды. Халық дипломатиясын беккемлеўдиң әҳмийетли қуралы сыпатында Өзбекстан ҳәм Иордания пайтахтларында Мәденият күнлерин өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстан ҳәм Иордания арасында дипломатиялық қатнасықлар 1993-жылы 15-февральда орнатылған.

Еслетип өтемиз, Нодиржон Турғунов Өзбекстанның Саудия Арабстанындағы елшиси сыпатында 2024-жыл март айында Ар-Риёд қаласына келген. 2025-жыл апрель айында болса ол бир ўақыттың өзинде мәмлекетимиздиң биринши елшиси сыпатында Бахрейн Сыртқы ислер министрлигине исеним жарлықларының нусқаларын тапсырған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги