Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жетинши жалпы мәжилиси ҳаққында Мәлимлеме

218

28-май күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын  баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенатының YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.

Сенаттың жетинши жалпы  мәжилисиниң биринши күнинде дәслеп «Ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетимизде шарўашылықты раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға  айрықша итибар қаратылмақта.

Буннан тысқары,  тараўға өндиристиң заманагөй усылларын кеңнен енгизиў арқалы қосымша қун шынжырын жаратыў, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм илим жетискенликлеринен нәтийжели пайдаланыў мәселелери де үлкен  әҳмийетке ийе.

Бирақ ҳәзирги ўақытта ҳайўанларды идентификациялаў жумыслары толық әмелге асырылмай атырғаны оларда қәўипли жуқпалы кеселликлерге қарсы профилактикалық  шаншыў илажларын  өткериў ҳәм эпизоотикалық турақлылықты  кепилликли сақлаў имканиятын шеклемекте.

Сондай-ақ, идентификация процесслери санластырылмағаны, мағлыўматлар базасы орайластырылмағаны нәтийжесинде ҳайўанлардың анық есабын жүргизиўдеги машқалалар да сақланып келмекте.

Усы  нызамда Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Ветеринария ҳәм шарўашылықты   раўажландырыў комитети ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў  ҳәм бақлаў тараўындағы ўәкилликли уйым етип белгиленбекте.

Сондай-ақ, ўәкилликли мәмлекетлик  уйым ўәкилиниң ҳәм ҳайўан ийесиниң ҳуқықлары менен миннетлери анық көрсетип өтилмекте. Ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаўға байланыслы улыўма талаплар ҳәм мүддетлер белгиленбекте.

Хайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў, бақлаў ҳәм   есаптан шығарыў бойынша илажларды шөлкемлестириў, электрон мәлимлеме системасын муўапықластырыў ҳәм реал ўақыт режиминде электрон мәлимлеме  алмасыўын тәмиийнлеў Ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаў орайының ўәкиллиги  етип белгиленбекте.

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде ҳайўанлардың есабы, олардың нәсили ҳәм денсаўлығы ҳаққындағы  бирден-бир электрон  базасы  қәлиплеседи, сондай-ақ, ҳайўанлардың сақланыўы ҳәм ҳәрекетлери (минрациясы) тәртипке салынады  ҳәм турақлы мониторинг етиў системасы жаратылады.

Буннан тысқары, ҳайўанлардың қәўипли жуқпалы кеселликлерге толық профилактикалық шаншылыўына ерисиледи. Нәтийжеде ҳайўанлардың түрли жуқпалы кеселликлерге шатылыўы ҳәм набыт болыўының алды алынады. Республикада  эпизоотикалық ҳәм эпидемиялық турақлылық тәмийинленеди.

Додалаў жуўмағында бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде бюрократизм ҳәм ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыў, соның ишинде, халықтың аралықтан турып электрон мәмлекетлик хызметлерден еркин түрде пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, халық ҳәм исбилерменлерди  қоллап-қуўатлаў ҳәм салық ҳәкимшилигин және де жетилистириў бойынша  кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, аралықтан  турып электрон мәмлекетлик хызметлерден еркин   пайдаланыў ҳәм зәрүр ҳүжжетлерди электрон түрде  рәсмийлестириўден кеңнен пайдаланыўды және де қоллап-қуўатлаў, оның ҳуқықый тийкарларын беккемлеў зәрүрлиги пайда болмақта.

Соның ушын Салық кодексине электрон ҳүжжетте оны қол қойған шахстың келисимин  көрсететуғын ҳәм оны идентификациялаў имканиятын беретуғын электрон тастыйықлаў усылларынан пайдаланыўға толық өзгерислер киргизилмекте.

Буннан тысқары, артықша өндирилген салықларды салық төлеўшиниң арзасына муўапық келеси төлемлер есабынан киргизиў мүддети 15 күннен 3 күнге  қысқартылып, Чернобыль АЭС апатшылығының ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан пуқаралардың, сондай-ақ, олардың өмирлик жолдасының мийнет ҳақысы ҳәм басқа дәраматлары толық дәрамат салығынан азат  етилмекте.

Сенаторлар өзиниң шығып сөйлеген сөзлеринде додаланған нызамда аралықтан турып электрон мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыўды қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, артықша өндирилген салық суммасын салық төлеўшиниң басқа салықлар бойынша келеси төлемлери есабынан есапқа алыў тәрибин және де әпиўайыластырыў, айырым категориядағы шахсларға салық жеңилликлерин  бериў өз көринисин тапқанын атап өтти.

Бул нызам  сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң, мәжилисте “Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам сенаторлар тәрепинен додаланды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде инсан, оның өмири, еркинлиги, абырайы ҳәм қәдири жоқары қәдирият есапланған инсаныйлық демократиялық мәмлекетти қурыў бағдарында системалы реформалар әмелге асырылмақта.

Бул реформалар нәтийжесинде Өзбекстан Республикасы Конституциясында да инсан, соның ишинде, жәбирлениўши ҳуқықларының кепилликлери белгиленген.

Бул нызам да әне, усы системалы реформалардың логикалық даўамы болып есапланады. Бүгинги күнде айырым ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар социаллық әҳмийетин жойытқан ҳәм олардың саны кескин азайған. Соның менен бирге, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң бир неше статьясында бир ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ушын жуўапкершилик белгиленген. Соның ушын бул нызам оларды муўапықластырыў мақсетинде ислеп шығылғанлығы атап өтилди.

Бул нызам менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине айырым ҳуқықбузарлықлар ушын қылмыстың өзгешелигинен, жазалаўдан гөзленген мақсетке ерисиў ушын жетерлилик көзқарасынан келип шыққан ҳалда ҳәкимшилик жуўапкершиликти бийкарлаўға қаратылған тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, бир қылмыс, яғный темеки өнимин белгиленбеген орынларда пайдаланғаны ушын Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң ҳәр қыйлы статьяларында нәзерде тутылған жуўапкершилик өз алдына статьяда (561-статья) сәўлелендирилмекте.

Буннан тысқары, Кодекстиң айырым статьяларында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықлар менен байланыслы ислерди көриўге жәбирлениўшиниң арзасы болған жағдайда ғана жол қойылатуғыны белгиленбекте.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң басқа статьяларына да жоқарыдағы өзгерислер ҳәм қосымшалардан және Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформалар бағдарламасынан келип шыққан ҳалда тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызамның қабыл етилиўи менен инсан ҳуқықлары кепилликлериниң күшейиўине, ҳуқықый тәсир илажларын қолланыўда тең салмақлылық принципине әмел етилиўиниң тәмийинлениўине ҳәм жуўапкер мәмлекетлик уйымлардың жумыс жүклемесиниң азайыўына, пуқаралар арасындағы айырым келиспеўшиликлердиң судқа шекем шешилиўине ерисиледи.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине салық ҳәм исбилерменлик тараўындағы ҳуқықый қатнасықларды жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, салық сиясатын жетилистириў арқалы салық жүгин азайтыў, экономиканы жедел раўажландырыў бағдарында избе-из реформалар алып барылмақта.

Соның менен бирге, усы реформалар шеңберинде әмелге асырылып атырған илажлар салық тараўындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға, жынаят ислери шеңберинде исбилерменлик субектлериниң  ҳуқықый  қорғалыўын күшейтиўге қаратылған ҳуқықый механизмлерди және де жетилистириў зәрүрлигин пайда етпекте.

Усы мақсетте ислеп шығылған бул нызам менен Жынаят кодексине, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске салық тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликти күшейтиў, салықларды ямаса жыйымларды төлеўден бас тартқанлық ушын жуўапкершиликке себеп болатуғын зыянның муғдарын арттырыў, жеткерилген зыянның орны судқа шекемги басқышта ҳәм суд додалаўы даўамында толық қапланған жағдайда жуўапкершиликтен азат етиў, сондай-ақ, ўәкилликли уйымлардың тергеўге шекем тексериў ҳәрекетлерин әмелге асырыў ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды көрип шығыўға байланыслы ўәкилликлерин анықластырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Жынаят-процессуал кодексине исбилерменлик субектлерине қарсы қозғатылған жынаят ислери бойынша сорастырыў, дәслепки тергеў ямаса суд процесинде Бизнес-омбудсман ямаса Саўда-санаат палатасы тәрепинен тайынланған ўәкил жәмиетлик қорғаўшы сыпатында қатнасыўын белгилейтуғын қағыйдалар киргизилмекте.

Буннан тысқары, Пуқаралық кодексинде ҳәм Салық кодексинде суд қарар шығарғанға шекем тергеў процесинде қосымша есапланып өндирилген салықлар ҳәм жыйымлар бойынша пеня есапланбаўы, жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойылған жер участкасы бойынша төлеп берилген компенсация пуллары дәрамат салығына тартылмаўы сыяқлы өзгерислер де нәзерде тутылмақта.

Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде атап өткениндей, бул нызам салық тараўындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға, салық түсимлериниң турақлылығын тәмийинлеўге, исбилерменликти раўажландырыў ушын теңдей бәсеки шараятларын жаратыўға, исбилерменлердиң нызамлы мәплерин исенимли қорғаў кепилликлерин күшейтиўге хызмет етеди.

Додалаўдан соң бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жылларда мәмлекетимизде пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери қорғалыўын тәмийинлеўге ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға, тутыныўшылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери исенимли қорғалыўына, сондай-ақ, йод  жетиспеўшилиги кеселликлерин профилактика етиўге ҳәм олардың алдын алыўға қаратылған системалы жумыслар алып  барылмақта.

Соның менен бирге, талан-таражлық, ишки ислер уйымлары хызметкериниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы әскерий хызметкериниң  нызамлы талапларын орынламағаны ушын жаза илажларын күшейтиў, сондай-ақ, саўда тараўында тутыныўшылардың ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеў ушын қосымша шараятлар жаратыў, тутыныў базарын йоддланған дуз ҳәм йодланған азық-аўқат өнимлери менен толықтырыўға байланыслы илажлар көриў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Сол себепли бул нызам менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси, “Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында”ғы және “Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы ҳаққында”ғы нызамларға тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Атап айтқанда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске энергия ресурсларын киши муғдарда талан-тараж етиў ҳәм ишки ислер уйымлары хызметкериниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы әскерий хызметкериниң нызамлы талапларын орынламаў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар киргизилмекте.

Сондай-ақ, “Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамына сатыўшыларды алды-сатты шәртнамасында көрсетилген миннетлемелерди өз ўақтында орынлаўға шақыратуғын нормаларды белгилеўши қосымша киргизилмекте.

Атап өтилгениндей, 2024-жылы Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетине тутыныўшылардан келип түскен 30 070 мүрәжаттың 4 213 инде сатыўшылар тәрепинен товарлар (автомобиль, турмыслық техника, таяр аўқат, мебель ҳәм басқалар) келисилген мүддетлерде жеткерип берилмегенинен наразы болған.

Буннан тысқары, тек ғана автомобильдиң алды-сатты шәртнамаларында көрсетилген мүддетлерге әмел етилиўи системалы түрде үйренилгенде 5 332 жағдайда сатыўшылар тәрепинен автомобильлерди жеткерип бериў мүддетлери бузылғаны анықланған.

Нызам менен алды-сатты шәртнамасына муўапық сатыўшы шәртнамада белгиленген мүддетте товарды тутыныўшыға жеткерип бермеген жағдайда сатыўшы кешиктирилген ҳәр бир ўақыт бирлиги (шәртнамада көрсетилген минут, саат, күн) ушын миннетлемениң орынланбаған бөлегиниң 0,5 проценти муғдарында тутыныўшыға пеня төлеўи, бирақ онда пеняның улыўма суммасы тапсырылмаған товардың баҳасынан артып кетпеўи керек екенлиги анық белгилеп қойылмақта.

Буннан тысқары, “Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамына елимизде тек ғана йодланған ас дузын ислеп шығарыўды, алып кирилиўин ҳәм реализацияланыўын, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда йодланған дуздан мәжбүрий түрде пайдаланылыўын, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң ас дузын ҳәм азық-аўқат өнимлерин йодлаўға, йодланған дуздың айланысына байланыслы санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиеналық нормативлерди белгилеў тараўындағы ўәкилликлери анықластырылыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сенаторлар тәрепинен нызамның қабыл етилиўи мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеўге, тутыныўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ҳуқықый тийкарларды жаратыўға, сондай-ақ, халықтың денсаўлығын сақлаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен бирге, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў  ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Атап өтилиўинше, суд жумысы ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған избе-из реформалар судлар жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеўге кең имканият берди. Реформалар нәтийжесинде суд ҳәкимиятының ашық-айдынлығы алдынғы халықаралық стандартларға муўапықластырылды.

Соның ишинде, халық пенен ашық пикирлесиўлер жолға қойылды, көшпели суд мәжилислериниң көлеми арттырылды, судлардың жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў байланыслары жаңа басқышқа алып шығылды.

Ашық суд мәжилислеринде барлық пуқараларға ҳеш қандай тосқынлықларсыз қатнасыў имканиятлары берилди. Суд қарарлары ҳеш кимнен жасырылмастан онлайн тәризде жәрияланбақта.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў, оның абырайы ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрмет етиў нызам ҳүжжетлери менен беккемленген.

Соның ишинде, Конституцияның 31-статьясында ҳәр бир инсан жеке турмысына қол қатылмаслығы, жеке ҳәм шаңарақлық сырға ийе болыў, өзиниң абырайы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў ҳуқықына ийе екени беккемленди. Сондай-ақ, шахсқа байланыслы мағлыўматларды қорғаў ҳуқықына ийе екенлиги Конституция дәрежесинде тән алынған.

Жабық суд мәжилислерин өткериўге байланыслы да бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, оларды өткериў тәртиби ҳәм мүддетлери анық белгиленгенин атап өтиў керек.

Нызам ҳуқықый реформалардың логикалық даўамы болып, онда Жынаят кодекси, Жынаят-процессуаллық кодекси, Пуқаралық процессуаллық кодекси, Экономикалық процессуаллық кодекс ҳәм Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекске жабық суд мағлыўматларын жәрияламаў бойынша суд додалаўы қатнасыўшыларына тийисли миннетлеме жүклеў ҳәм оны бузғаны ушын жынайый жуўапкершиликти белгилеў нәзерде тутылмақта.

Соның ишинде, нызам менен Жынаят кодексиниң 239-статьясының атамасы сорастырыў, дәслепки тергеў ямаса суд мәжилиси мағлыўматларын жәриялаў деп толықтырылып, сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса судтың рухсатысыз сорастырыў, дәслепки тергеў ямаса суд мағлыўматларын жәрияламаў ҳаққында миннетлеме жүкленген шахс тәрепинен жәриялағаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Сондай-ақ, Жынаят-процессуаллық кодексине жаңа статья менен Пуқаралық процессуаллық ҳәм Экономикалық процессуаллық кодекслери, сондай-ақ, Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекстиң “Суд мәжилиси”не байланыслы статьялары жаңа бөлим менен толықтырылып, исти жабық суд мәжилисинде көриўде суд мәжилисинде қатнасып атырған шахслар суд додалаўының мағлыўматларын ҳәм деталларын судтың руқсатысыз жәрияламаў ҳаққында ескертилип, олардан тилхат алыныўы ҳәм тилхатта усы миннетлемени бузғаны ушын Жынаят кодексиниң 239-статьясына бола жуўапкершилик ҳаққындағы ескертиў де сәўлелендирилиўи беккемлеп қойылмақта.

Сенаторлар бул нызамның турмысқа енгизилиўи суд процесинде шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге, суд додалаўы қатнасыўшыларының жеке турмысы ҳаққындағы мағлыўматлардың жәрияланыўының алдын алыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жынаят процесинде мәжбүрлеў илажлары институтының жетилистирилип атырғанлығы мүнәсибети менен қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам сенаторлар тәрепинен додаланды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў системасын жаратыўға, “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында оны жаңа басқышқа көтериўге, суд уйымлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин күшейтиўге, сондай-ақ, халықтың ҳуқық қорғаў системасына болған исенимин буннан былай да беккемлеўге қаратылған кең көлемли реформалар алып барылмақта.

Бул нызам да әне усы системалы реформалардың логикалық даўамы болып, “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылғанлығы атап өтилди.

Нызам менен Жынаят-процессуаллық кодексине ҳәм “Прокуратура ҳаққында”ғы ҳәм “Судлар ҳаққында”ғы нызамларға бир қатар қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Соның ишинде, Жынаят-процессуаллық кодекси жаңа бап пенен толықтырылып, онда Өзбекстан Республикасынан шығыў ҳуқықын ўақтынша шеклеўдиң мақсети ҳәм тийкарлары, Өзбекстан Республикасынан шығыў ҳуқықын ўақтынша шеклеў ҳаққында өтиниш хатын қозғатыў, бундай өтиниш хатты көрип шығыў, суд уйғарыўы, Өзбекстан Республикасынан шығыў ҳуқықын ўақтынша шеклеў ямаса шеклеўди бийкарлаў сыяқлы нормалар баян етилген.

Буннан тысқары, “Судлар ҳаққында”ғы ҳәм “Прокуратура ҳаққында”ғы нызамларға судлар тәрепинен паспорттың (ҳәрекетлениў ҳүжжетиниң) әмел етиўин тоқтатып турыў ҳаққындағы өтиниш хатын көрип шығыў, сондай-ақ, прокурорлар тәрепинен паспорттың (ҳәрекетлениў ҳүжжетиниң) әмел етиўин тоқтатып турыў ҳаққындағы өтиниш хатын көрип шығыў ҳәм келисим берилген жағдайда судларға киргизиўди нәзерде тутатуғын қосымша киргизилмекте.

Атап өтилгениндей, бул нызам пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге, әдил судлаўдың сапасын буннан былай да арттырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте “Салық ҳәм бюджет нызамшылығының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде салық ҳәм бюджет нызамшылығын жетилистириў, салық ҳаққындағы нызамшылық талапларын әпиўайыластырыў ҳәм салық ҳәкимшилигиниң жаңа ҳәм нәтийжели қуралларын енгизиў жолы менен исбилерменлик субъектлерине салық жүгин азайтыў, сондай-ақ, мәмлекетлик финанслық қадағалаў уйымларының жумысын жетилистириўге қаратылған илажлар избе-из әмелге асырылмақта.

Нызам менен Бюджет кодексине гезектеги жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам жойбарын ҳәм Бюджетнаманы парламентке киргизиў мүддети белгилениўин, жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў ҳаққындағы мәлимлеме рәсмий веб-сайтларға, “Ашық бюджет” мәлимлеме порталына жайластырылыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Буннан тысқары, Салық кодексине бюджет шөлкемлерине ижараға берилген жер участкаларынан салық өндириў тәртибин, ижараға бериўши ямаса ижараға алыўшы тәрепинен жер салығын төлеў тәртибин, сондай-ақ, айырым тараўларда жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери ушын салық жеңилликлерин бериўди ҳәм басқа да мәселелерди киргизиў де нәзерде тутылған.

Бирақ бул нызамда қайта көрип шығылыўы лазым болған айырым мәселелер бар екенлиги сенаторлар тәрепинен айрықша атап өтилди.

Соның ишинде, бийғәрез жәрдем шеңберинде келген медициналық әсбап-үскенелерден төлемли хызметлер көрсетиў мәселесин қайта көрип шығыў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.

Сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджетти парламент тәрепинен қабыл етиў ҳәм мақуллаўдың қатаң мүддетлерин белгилеў зәрүрлиги де атап өтилди.

Додалаў даўамында айырым нызам нормаларын соңғы қабыл етилген нызамшылық ҳүжжетлеринен келип шығып, қайта көрип шығыў ҳәм жетилистириў зәрүр екенлиги де атап өтилди.

Усыларды инабатқа алып, нызамды қайта көрип шығыў мақсетке муўапықлығы ҳаққында Сенат қарары қабыл етилди.

Усыныӊ менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ жетинши жалпы мәжилисиниӊ биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатыныӊ

Мәлимлеме хызмети