«Мәлимлеме тараўындағы бирге ислесиў ҳәм тараў ушын қәнигелер таярлаўдың әҳмийетли мәселелери ҳәм перспективалары додаланды

Өзбекстан делегациясының Москваға сапары шеңберинде Россия Федерациясы Президенти Администрациясы Басшысының орынбасары – Президент Баспасөз хаткери Дмитрий Песков ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзад Асадовтың ушырасыўы болып өтти.
Бул ҳаққында Шерзад Асадов өзиниң телеграм каналында жазбақта.
«Мәлимлеме тараўындағы бирге ислесиў ҳәм тараў ушын қәнигелер таярлаўдың әҳмийетли мәселелери ҳәм перспективалары додаланды.
Мәмлекетлеримиз басшыларының баспасөз хызметлериниң жумысын муўапықластырыў, профессионал тәжирийбе ҳәм стратегиялық коммуникацияларға байланыслы пикирлер алмасыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Тез өзгериўшең медиа орталық ҳәм санлы платформалардың әҳмийети артып баратырған шараятта хызметкерлердиң маманлығын арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, келешектеги айырым режелер, соның ишинде, мәлимлеме сиясаты ҳәм еки тәреплеме күн тәртибин медиа жағынан қоллап-қуўатлаў бойынша биргеликтеги жойбарларды иске қосыў мәселелери көрип шығылды. Ашық сөйлесиў, профессионал бирге ислесиў ҳәм шериклик байланысларын беккемлеўге умтылыў бирдей екени тастыйықланды», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги