“Tashkent Law Spring” төртинши халықаралық юридикалық форум қатнасыўшыларына

Ҳүрметли Форум қатнасыўшылары!
Ҳүрметли мийманлар!
Бәринен бурын, сизлерди «Санлы технологиялар дәўири: келешекке ҳуқықый нәзер» темасындағы “Tashkent Law Spring” IV халықаралық юридикалық форумның ашылыўы менен шын кеўлимнен қутлықлайман.
Әнжуманда дүньяның абырайлы шөлкемлери ҳәм 40 тан аслам мәмлекеттен жоқары мәртебели делегатлар, жетекши жоқары оқыў орынлары ҳәм «ақыл орайлары»ның белгили илимпазлары менен экспертлери қатнасып атырғаны оның абырайы ҳәм әҳмийети барған сайын артып атырғанын айқын көрсетпекте.
Жоқары технологиялық раўажланыў процесинде инсан мәплери ҳәм әдиллик принциплерине әмел етиў, нәтийжели ҳуқықый механизмлерди жаратыў, санлы суверенитетти тәмийинлеў бойынша халықаралық бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме күшейтиўди дәўирдиң өзи талап етпекте.
Технологиялар ҳәм виртуал қатнасықлар жеделлик пенен турмысымызға кирип атырған бүгинги күнде жасалма интеллект сыяқлы раўажланыўдың ең алдынғы жетискенликлерин улыўма инсаният мәплери жолында ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў зәрүр, деп есаплаймыз.
Жаңа Өзбекстанда санлы технологиялар жәрдеминде мәмлекетлик басқарыўды модернизациялаў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди электронластырыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў есабынан “хызмет көрсетиўши мәмлекет” принципин әмелге асырыўға үлкен итибар берилмекте.
Әпиўайы адамларға кеңнен қолайлықлар жаратып атырған жасалма интеллект турмысымызға терең кирип бармақта. Соны есапқа алып, биз Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын қабыл еттик, онлайн-режимде ислейтуғын платформалар ҳәм интеграцияласқан билимлер базаларын иске қостық.
Жеке қол қатылмаслық ҳуқықы ҳәм раўажланыў талаплары арасында нәзик теңсалмақлықты табыў, интеллектуаллық мүлкти қорғаў, тараўда қолайлы инвестициялық орталықты тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа ўақыя – “санлы дүнья” шараятында мәмлекетлердиң ҳуқықый трансформация процесслерине табыслы өтиўи, әсиресе, жасалма интеллект бағдарында системалы бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм оннан пайдаланыў этикасы бойынша үлги қағыйдаларды ислеп шығыў тийкарғы әҳмийетке ийе. Бул инновациялық ҳуқықый тийкар усы тараўды нәтийжели тәртипке салыўда барлық мәмлекетлер ушын өзине тән үлги болып хызмет ететуғыны сөзсиз.
Форумда мине, усы әҳмийетли тәреплерди айрықша есапқа алып, ең тийкарғы мәселелердиң додаланыўы ҳәм әмелий усыныс және басламалардың ислеп шығылыўы санлы келешектиң беккем тийкарын жаратыўда ҳәм санлы трансформация жолында және бир әҳмийетли қәдем болады, деп исенемен.
Әнжуман шеңберинде биринши мәрте Жаслар форумы өткерилип атырғаны да дыққатқа ылайық. Себеби бул тараўлардың раўажланыўын жас әўладтың белсене қатнасыўысыз көз алдымызға келтирип болмайды. Себеби, жас ҳуқықтаныўшылардың инновациялық идеяларын қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды нызам дөретиўшилиги процесине кеңнен тартыўда бундай нәтийжели сөйлесиў майданларының әҳмийети оғада үлкен.
Мине, усындай ийгиликли жумысларда сизлерге күш-ғайрат, беккем денсаўлық ҳәм жаңа табыслар, Форум жумысына болса табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти