Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева Россия тәрепиниң мирәт етиўине бола Москва қаласында РФ президенти Администрациясы басшысы Антон Вайно, оның биринши орынбасарлары Сергей Кириенко ҳәм Алексей Громов және Россия президентиниң жәрдемшиси Владимир Мединский менен ушырасыўлар өткерди

196

Оларда, атап айтқанда, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди муўапықластырыў ҳәм әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды. Келисимлердиң орынланыўын мониторинг етиў бойынша жаратылып атырған механизм мәмлекет басшылары тәрепинен қойылған ўазыйпаларды шешиў бағдарында президент администрациялары арасында бирге ислесиўдиң нәтийжели қуралына айланатуғынына исеним билдирилди.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликтиң тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, инновациялық жойбарлар ҳәм регионлараралық байланыслар ҳәр тәреплеме додаланды.

Гуманитарлық тараўдағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм мийнет миграциясы мәселелери бойынша пикир алысылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги