“Мәрипат кәрўаны” атамасында үгит-нәсият илажлары өткериледи

2025-жылдың май-июнь айларында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында “Прогресс, мәденият ҳәм ағартыўшылық” темасында “Ағартыўшылық кәрўаны” атамасында илимий-ағартыўшылық ҳәм мәдений үгит-нәсиятлаў илажлары болып өтеди.
Бул илажлар Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, “Марипат” үгит-нәсиятшылар жәмийети ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестириледи.
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының мәлим етиўинше, “Мәрипат кәрўаны” шеңберинде төмендеги илажлар режелестирилген:
– “Цивилизациялар – Инсанлар – Ойлап табыўлар” идеясы тийкарында илимпазлар тәрепинен таярланып атырған илимий-инновациялық жойбарлардың презентациялары, әмелий семинар ҳәм тренинглер;
– “Жаңа Өзбекстан – Жаңа Ренессанс” темасында конференциялар, форум ҳәм әнжуманлар;
– уллы ата-бабаларымыздың бай мәдений мийрасын ғалаба ен жайдырыў мақсетинде “Тири тарийх” жойбары шеңберинде кинодөретиўшилердиң қатнасыўында миллий фильмлердиң көрсетилиўи;
– сондай-ақ, басқа да ҳәр қыйлы илимий, инновациялық ҳәм социаллық жойбарлар да өткериледи.
“Ағартыўшылық кәрўаны” – мәмлекет зыялылары ушын бирден-бир илимий-ағартыўшылық платформа болып хызмет етеди,” делинеди орайдың хабарында.
Қосымша мағлыўматлар ушын 71 207-57-00 телефон номерине қоңыраў етиў соралған.
ӨзА