Кемшиликлер көрсетилип, тапсырмалар берилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районындағы әмелге асырылып атырған жаңа жойбарлар ҳәм халықтың қосымша дәрамат алыўына жәрдемлесиў бағдарындағы жумыслардың барысы менен танысты.
Республикамыз басшысы ең дәслеп Қараой аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «KAUSAR TEGIRMON» ЖШЖ ның Шарўашылық жойбары бойынша әмелге асырған жумысы менен танысты. Бул жәмийет ағзалары тәрепинен 2025-жыл даўамында улыўма баҳасы 32,0 млрд.сумлық шарўашылықты раўажландырыў ҳǝм сүтти қайта ислеў жойбарларын ǝмелге асырыў белгиленгенлигин атап өтиў керек. Бүгинги күнде шарўашылық комплексине 120 бас нǝсилли қарамаллар алып келинип күтимли бағылмақта.
Сондай-ақ, бул кәрханада улыўма баҳасы 878,0 мың долларлық «Жүнди қайта ислеў» жойбары шеңберинде жолға қойылған өндирис процесслери, технологиялық үскенелер ҳәм өним таярлаў басқышлары көзден өткерилди.
Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы усы аймақта жайласқан өз өнимлерин Германияға экспорт етип атырған «Good Salt production» ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилген «Ас дузын ислеп шығарыў» кәрханасында болып, усы жойбардың әмелге асырылыўы, өндирис қуўатлықлары ҳәм жаратылған жумыс орынлары менен жақыннан танысты.
Соңынан А.Орынбаев Тахтакөпир посёлкасында шөлкемлестирилген киши санаат зонасында болып, усы аймақта жумыс алып барып атырған «Фром Мебель» жеке меншик кәрханасы тәрепинен шөлкемлестирилген «Мебель ислеп шығарыў» цехы, Дәўқара АПЖ аймағында «Taxtakopir Gold Tekstil Mahsulotlari» ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилип атырған тоқымашылық жойбары менен жақыннан танысты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 129-санлы пәрманы тийкарында бул инвестициялық жойбар ушын 4,5 гектар жер майданы ажыратылды. Улыўма баҳасы 25,4 млн АҚШ доллары болған жойбарға муўапық жылына бул кәрханада алдағы ўақытлары 5 мың тонна жип ийирип шығарылып, жылына 11,1 млрд. сум муғдарында таяр өним ислеп шығарыў режелестирилген ҳәм жаңа объекттиң толық иске түсиўи нәтийжесинде 257 жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Усылар менен бир қатарда, сапар даўамында республикамыз басшысы қыйтақ жер ийелери, тоғай хожалығы хызметкерлери ҳәм фермерлер тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларды да көзден өткерип, Өзбекстан МПЖ аймағында жасаўшы Н.Файзуллаев, Н.Аметов, Ө.Темирбеков ҳәм Айдын жол МПЖ да жасаўшы М.Даўлетяровлардың шаңарағында болып, қыйтақ жер ийелерине ҳармасын айтып, олардың азғана жерден мол дәрамат алып атырғанына миннетдаршылық билдирип, басқалар да усы пуқаралардың тәжирийбелерин жақыннан үйрениў кереклигин атап өтти.
Тахтакөпир районлық тоғай хожалығы болғанында егислик жер майданлары көзден өткерилип, гүзги терек егиўге жерлерди ҳәм нәллерди таярлаў, жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Ал, А.Адилов АПЖ аймағындағы Торанғыл-сай ҳәм Атакөл АПЖ аймағында жайласқан «Тайымбет» фермер хожалықларында болса, аўыл хожалығы тараўында суўдың артықша жумсалыўының алдын алыў, зүрәәтлиликти арттырыў ҳәм заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў бойынша бул жумыслар системалы түрде даўам еттирилиўи керек екенлиги атап өтилди.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.

Мәжилисте дәслеп әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша үйрениўлер нәтийжелери, райондағы инвестициялық жойбарлар, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың шаңарақларында әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды. Сондай-ақ, абаданластырыў жумыслары ҳәм экономикалық көрсеткишлер терең талқыланып, жолларды оңлаў, социаллық объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары бойынша ушырасып атырған машқалалар ҳәм оларды шешиў мәселелери додаланды.
Соның менен бирге, аўыл-аймақларда пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына, үй шараятында өзин-өзи бәнт етиўине жақыннан жәрдем бериў, киши исбилерменлик субъектлери жумысларын жолға қойыў,жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратыў сыяқлы әҳмийетли жумыслар сын көз-қарастан көрип шығылды.
Мәжилисте өз ўазыйпасын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ушын Тахтакөпир районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары-экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы ийелеп турған лаўазымынан босатылды. Сондай-ақ, айырым басшылар ҳәм жуўапкерлерге интизамий жаза шарасын қолланыў, өз ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарағанлардың лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилис соңында Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен атап ɵтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли шөлкем ҳәм жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги