Россия ҳәм Қазақстаннан нызамсыз алып келинген 5 млрд. 353 млн. сумлық дәри-дәрмақлар тоқтатып қалынды

180

Мәмлекетимизге сапасы кепилленбеген товарлардың нызамсыз жоллар менен алып кирилиўине қарсы оператив илаж өткерилди.

Атап айтқанда, Россия Федерациясы ҳәм Қазақстан Республикасынан елимизде жумыс алып барып атырған жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң атына жиберилген товарлар артылған 2 «ГАЗ» маркалы жүк автотранспорт қураллары Ташкент ўәлаятындағы «Яллама» шегара-бажыхана постына «қызыл коридор»ға кирип келгеннен соң, оларды толық бажыхана тексериўинен өткериў мақсетинде, бажыхана хызметкериниң бақлаўы астында, белгиленген мәнзил бажыхана постына жиберилди.

Бирақ, ярым жолда бажыхана хызметкери машиналарды белгиленген мәнзилге шекем бақлап бармай, оларды қадағалаўсыз қалдырып, еркин ҳәрекетлениўине тийкар жаратқан.

Буннан пайдаланған айдаўшылар жөнелисти өзгертип, Жоқары Шыршық районында жасаўшы, 1966-жылы туўылған пуқараның үйине барған.

Соң Россия ҳәм Қазақстаннан китап, аксессуар ҳәм кийим-кеншеклер арасына жасырып алып келинген, тийисли ҳүжжетлери болмаған, «Актовегин,» «Клексан,» «Ремахсол» сыяқлы 214 атамадағы жәми 52459 дана дәри-дәрмақларды жүк машинасына орнатылған бажыхана мөрин бузбастан үйге түсирип, белгиленген мәнзил бажыхана постына қарай жол алған ўақытларында олар Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Бажыхана комитетиниң жеке қәўипсизлик басқармасы хызметкерлери тәрепинен усланды.

Сапасы кепилленбеген бул дәри-дәрмақлардың улыўма баҳасы 5 млрд. 353 млн. сумды қурайтуғынын атап өтиў керек,

Тергеўге шекемги тексериў даўамында, ҳәзирги ўақытта шахсына анықлық киргизилип атырған Қазақстан Республикасы пуқарасы бул товарларды қоңсы мәмлекеттен елимизге өткерип бериўи есабынан жүк автомашиналарының айдаўшыларына 2000 АҚШ доллары ўәде еткени мәлим болды.

Ҳәзирги ўақытта жүк машиналарының айдаўшылары ҳәм дәри-дәрмақлар түсирилген Жоқары Шыршық районындағы квартираның ийесине Жынаят кодексиниң 182-статьясы 2-бөлими «а» бәнти менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Сондай-ақ, хызмет ўазыйпасын толық орынламай, сырт елден нызамсыз алып келинген дәри қуралларын жүк машиналарынан түсип қалыўына тийкар жаратқан «Яллама» шегара-бажыхана посты инспекторының ҳәрекетлерине тергеў даўамында ҳуқықый баҳа бериледи.