Имам Бухарий комплекси ағартыўшылық, тәрбия, ибрат ошағы болады

Президент Шавкат Мирзиёев 28-май күни Самарқандқа келди.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Имам Бухарий мақбарасын зыяратлады. Қуран оқылды.
Пүткил ислам дүньясында Имам Бухарийдиң ҳүрмети жоқары, оның мақбарасын көриў тилегиндеги инсанлар көп. Соның ушын зыяратшыларға шараятларды кеңейтиў мақсетинде бул жерде жаңа комплекс қурылмақта.


Сапар ўақтында Президентимиз қурылыстың барысын көзден өткерди.
Комплекстиң улыўма майданы 44 гектарға шекем кеңейтилген. Ҳәзирги күнде уллы мақбара, 10 мың адамлық мешит, 4 минара қурып питкерилген.


Жаңа комплекс зыярат пенен бирге ағартыўшылық, тәрбия, ибрат орайы болады. Музей, администрация, мийманхана ҳәм басқа да хызмет көрсетиў имаратларын өз ишине алады. Сыпалар ҳәм әйўан дийўалларына “Саҳиҳи Бухарий”ден ҳәдислер жазылады.
Мәмлекетимиз басшысына комплексте болажақ шараятлар ҳаққында мәлимлеме берилди. Мақбара ҳәўлиси ҳәм қыябанларға көбирек тереклер егиў зәрүр екенлиги айтылды.


ӨзА