Жаслар парламентиниң биринши мәжилиси болып өтти

Бүгин Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң жаңа қурамдағы биринши мәжилиси болып өтти. Оған Нызамшылық палатасының басшылары, сиясий партиялар фракцияларының басшылары, комитетлердиң баслықлары қатнасты.
Мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Раҳимжон Ҳакимов шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде жасларды қоллап-қуўатлаўға ҳәр тәреплеме итибар қаратылып атырғанын атап өтти. Жаслар парламенти ағзаларын жуўапкершиликли ўазыйпа менен қутлықлап, олардың жумысына табыс тиледи.

Атап өтилгениндей, елимизде жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Президентимиздиң басшылығында жаслар сиясаты бағдарында алып барылып атырған жумыслар дүнья жүзи көлеминде тән алынбақта. Соның ишинде, 2023-жылы Жаслар раўажланыўы индекси бойынша, Өзбекстан жаслар сиясаты тараўында ең тез раўажланып атырған мәмлекетлерден бири, деп тән алынды.

Атап өтилгениндей, парламенттиң ҳәр еки палатасында шөлкемлестирилген Жаслар парламенти жигит-қызлардың сиясий-ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, оларды нызам дөретиўшилиги процесине тартыўда әҳмийетли орын ийелемекте. Өткен дәўирде жаслардың жәмийетлик турмыстағы қатнасын күшейтиўге хызмет ететуғын әҳмийетли институт сыпатында қәлиплести. Бул институт парламент ҳәм жаслар арасында көпир ўазыйпасын атқармақта.

Мәжилисте 2025-жылғы Жаслар парламенти сайлаўы белсендилик пенен өткени, онда 9 мың 531 жас өз кандидатурасын қойғаны, сайлаўлар районлық, ўәлаятлық ҳәм республикалық басқышларда басқышпа-басқыш өткерилгени, олардың арасынан сиясий партиялар тәрепинен таңланған 150 ағзадан ибарат жаңа шақырық қурамы қәлиплестирилгени атап өтилди.

Мәжилисте шығып сөйлеген Жаслар парламенти ағзалары жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар, атап айтқанда, парламент турмысында жаслардың қатнасыўының кеңейип атырғаны, сиясий-ҳуқықый процесслерде олардың пикир-усыныслары инабатқа алынып атырғанын атап өтти. Нызам дөретиўшилиги процесинде, жаңа нызамлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларды үгит-нәсиятлаўда белсене қатнасыў олардың алдында турған әҳмийетли ўазыйпалардан екенин атап өтти.
Әсиресе, «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде Жаслар парламентиниң өз орны болыўы керек екенлиги айрықша атап өтилди.

Мәжилисте Жаслар парламентиниң баслығы, оның орынбасарлары ҳәм комитетлердиң баслықлары сайланды. Атабек Собитов III шақырық Жаслар парламентиниң баслығы етип сайланды.
Соның менен бирге, 29-30-май күнлери Өзбекстан Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында Жаслар парламенти ағзалары ушын Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының қатнасыўында нызам дөретиўшилиги, жаслар сиясаты, дипломатиялық протокол тийкарлары, медиада ПР технологияларынан нәтийжели пайдаланыў сыяқлы әҳмийетли темаларда семинар ҳәм шеберлик сабақлары өткерилиўи белгилеп алынды.

Мәжилис соңында Жаслар парламенти ағзаларына сиясий-ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерин және де беккемлеп, турмысқа избе-из енгизиў, нызам дөретиўшилиги процесине белсене қатнасыў арқалы парламентимиздиң келешектеги ҳақыйқый мийрасхорларына айланатуғынына исеним билдирилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА