АҚШ студентлик визасын алыў қыйынласпақта ма?

Президент Дональд Трамп ҳәкимшилиги елшиханаларға студент визасын бериў ушын ушырасыў белгилеўди тоқтатыў бойынша көрсетпе берди, деп жазады ВВС.
Дипломатиялық ўәкиллерге жиберилген еслетпе нусқасында Мәмлекетлик хаткер Марко Рубио бул қарар «қосымша реже шыққанға шекем» әмел ететуғынын билдирген.
Хабарда айтылыўынша, елшиханалар ҳәм консуллықлар жумысына үлкен унамсыз тәсир етиўи болжанған социаллық тармақта студент ҳәм валюта алмастырыў визасын тексериў күшейтиледи. Бул илаж Трамп Американың айырым абырайлы колледжлери менен келиспей атырған бир ўақытқа туўра келди.
Бизге белгили, Қурама Штатларда оқыўды қәлеген сырт елли студент, әдетте, рәсмий рухсатнама алыў ушын өз мәмлекетиндеги Америка елшиханасында сәўбеттен өтеди. Көплеген билимлендириў мәкемелери ишки қәрежеттиң салмақлы бөлегин қаплаўда салыстырмалы қымбат «контракт» төлейтуғын сырт елли студентлерге сүйенеди.
Президент администрациясы университетлер ушын ажыратылатуғын жүзлеген миллион доллар қаржыны музлатып қойды ҳәм сырт елли студентлерди депортциялаўға киристи. Соның менен бирге басқа категориялар ушын да мыңлаған визаларды бийкар етти.
Әсиресе, Гарвард университети Трамптың «ғәзебине» ушыраған. Өткен ҳәптеде бул абырайлы дәргай халықаралық студентлерди дизимге алыў ҳәм сырт елли изертлеўшилерди қабыллаў имканиятынан айырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги