Гезектеги ашық пикирлесиў өткерилди

287

Орынларда исбилерменликти раўажландырыў, бизнес жүргизиўде бар машқалаларды шешиў ҳәм жаңа имканиятлар жаратыў мақсетинде Беруний районында гезектеги ашықтан-ашық сөйлесиў болып өтти.

Районда жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен болған ушырасыўға Беруний районы ҳәкими И.Хидиров басшылық етти, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлим баслығы А.Уразова.

Сөйлесиў ўақтында Президентимиз тәрепинен өткерилген видеоселектор мәжилисинде исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында берилген тапсырмалар, жаратылған жаңа имканиятлар ҳәм жеңилликлер ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди.

Сөйлесиўде мебель қурылысы ҳәм зергерлик бағдарларын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул тараўларда бизнес ашпақшы болған пуқараларға әмелдеги қосымша жеңилликлер ҳаққында да толық мағлыўматлар берилди.

Илаж даўамында исбилерменлер өзлерин қызықтырған сораўлар, машқалалар ҳәм усыныслары менен қатнасты. Олар тәрепинен көтерилген мәселелер бойынша ҳәкимлик ҳәм тийисли шөлкемлердиң ўәкиллери менен орынларда додалаў өткерилип, шешиў илажлары белгиленди. Айырым мәселелер бойынша өз алдына жумысшы топарлар шөлкемлестирилип, мүддетли реже тийкарында шешим табылатуғыны белгиленди.

Ашықтан-ашық сөйлесиў исбилерменлердиң мәмлекетлик уйымлар менен тиккелей ҳәм нәтийжели сөйлесиў алып барыўы, орынларда бизнес орталығын жақсылаў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўда әҳмийетли платформаға айланғанып бармақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги