Нөкисте палўанлар жәҳән ҳәм Азия чемпионлығы ушын беллеседи

Тарийхы үш мың жылдан аслам болған миллий белбеўли гүресимиз бүгин халықаралық спорт ареналарында өзиниң тамашаға бай заўқы менен көзге түспекте.
Көп әсирлер даўамында өзинде мәртлик, ҳадаллық, ерлик сыяқлы пазыйлетлерди жәмлеген белбеўли гүрес 2017-жылы Түркменстан пайтахты Ашхабад қаласында болып өткен Жабық объектлердеги ҳәм жаўынгерлик өнерлер бойынша Азия ойынлары бағдарламасына киргизилди. Өткерилген бул Азия ойынларында белбеўли гүрес бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзалары мәмлекетимиз спорт делегациясы есабына ең көп медальларды жаздырып қойды. Буннан тысқары, 2019-2023-жыллары Алмалық, Жиззақ, Қоқанда ҳәм Наманган қалаларында Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын белбеўли гүрес бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында жәҳән ҳәм Азия чемпионатларының жоқары дәрежеде болып өткени, бул спорт түриниң пүткил дүнья бойлап кеңнен ен жайып атырғанлығынан дәрек береди.
Усы жылдың 28-31-май күнлери Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын спорттың Белбеўли гүрес түринен жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында жәҳән ҳәм Азия чемпионаты беллесиўлери болып өтеди.
Өзбекстан Республикасы спорт министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Азия белбеўли гүрес конфедерациясы, Өзбекстан белбеўли гүрес федерациясы ҳәм бир қатар министрлик ҳәм шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилип атырған Азия чемпионатында Ҳиндстан, Россия, Түркия, Грузия, Индонезия, Армения, Венгрия, Швейцария, Япония, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан сыяқлы 20 дан аслам мәмлекетлерден күшли палўанлардың қатнасыўы күтилмекте.
Нөкис қалалық 2-санлы спорт мектебиниң мәжилислер залында 29-31-май күнлери спорттың Белбеўли гүрес спорт түри бойынша Азия ҳәм Жәҳән чемпионатының өткерилиўи, чемпионатқа таярлық көриў ҳәм жоқары дәрежеде өткерилиўине бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Еркинбай Қутыбаев ҳәм Халықаралық белбеўли гүрес федерациясының президенти Хабир Хабибулин , Азия белбеўли гүрес федерациясының президенти Мўмин Муратов, Өзбекстан белбеўли гүрес федерациясының баслығы Равшан Дастиров, жаслар миллий сайланды командасының бас тренери Бахтиёр Турғунполатовлар қатнасып, жарысты өткериў тәртиби, жарыс қатнасыўшылары, тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалар бойынша кең түрде түсиниклер берип өтти.
-Буннан еки бурын белбеўли гүрес бойынша Өзбекстан чемпионатын өткерип, онда жеңимпаз болған палўанларды сайланды команда қурамына шақырдық ҳәм жарысқа пуқта таярлықлар көрдик, -дейди жас өспиримлер бойынша Өзбекстан сайланды командасының бас тренери Бахтияр Тўрғунпўлатов.-Шәкиртлеримиз бул жарыста өз шеберликлерин көрсетип, жеңимпазлықты қолға киргизеди деп ойлайман.
Конференцияда ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасып, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Мағлыўмат сыпатында айтып өтетуғын болсақ, 29-май күни болып өтетуғын жәҳән чемпионатында ул балалар белбеўли гүрестиң еркин бағдарында -45,-50, -55, -60, -65, -65, -71, -77, -85, -95 ҳәм +95 кг салмақ категориялары бойынша күш сынасса, қызлар -44, -48, -52, -57, -63, -70, +70 кг салмақта беллесиўлерге түседи.
Ал, 30-май күни өткерилетуғын Азия чемпионатында болса, ул балалар -45,-50, -55, -60, -65, -65, -71, -77, -85, -95 ҳәм +95 кг салмақ категориялары бойынша гүрессе, қызлар -44, -48, -52, -57, -63, -70, +70 кг салмақта жеңимпазлық ушын беллеседи.
Бул абырайлы жарыста, қарақалпақстанлы 6 палўан жәҳән, 20 палўан Азия чемпионлығы ушын елимиз абырайын қорғайды.
Барлық гүрес ықласбентлерин жарысты келип тамашалаўға шақырып қаламыз. Себеби, «мың еситкеннен, бир көрген жақсы» дегениндей гүрес жарысларын келип тамашалағанға не жетсин.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы