Студент-жаслар ушын жаратылған заманагөй шараятлар таныстырылды

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте пресс-тур шөлкемлестирилди. Илажда жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, жоқары оқыў орынларының баспасөз хаткерлери ҳәм университет проректорлары қатнасты.
Пресс-тур даўамында ҒХҚ ўәкиллери университетте студент-жаслар ушын жаратылған заманагөй шараятлар, атап айтқанда, жаңадан қурылған ҳәм капитал оңлаўдан шығарылған студентлер турақ жайлары менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, студентлер ушын жаратылған инфраструктура, дем алыў орынлары ҳәм дөгереклердиң жумысы ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Бүгинги күнде университетте 82 бакалавриат тәлим бағдары бойынша 27 мыңнан аслам студент, 54 магистратура қәнигелигинде 823 магистрант билим алмақта. Ал, илимий дәрежели профессор-окытыўшылар 453 ти, соның ишинде, илим докторлары саны 52ни, илим кандидатлары ҳәм философия докторлары саны болса 401ди қурап, бул оқыў орнының илимий потенциалы 42,2 процентке жеткен.
Студентлердиң билим алыўы ҳәм тәрбиясы ушын университетте 2 жабық имарат, 3 ашық спорт майданшасы, барлық шараятларға ийе болған 9 студентлер турақ жайы болып, оларда 2700 ден аслам студентлер жасап келмекте.
Илажда атап өтилгениндей, соңғы жыллары жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған жасларға қолайлы, қәўипсиз ҳәм заманагөй жасаў шараятларын жаратыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де жаңа жатақханалар қурылып, барлары болса түп-тийкарынан оңланбақта.
Бул пресс-тур арқалы ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери университеттеги шараятларға тиккелей гүўа болды ҳәм студентлердиң билимлендириўдиң сапасы, турмыс тәризи ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў имканиятлары ҳаққында жәмийетшиликти хабардар етиў имканиятына ийе болды.
– Университетимизде билим алыў ушын қолайлы шараятлар жаратылған. Жатақханамызда да барлық заманагөй мүмкиншиликлер бар. Бос ўақытларымызда ҳәр түрли дөрегеклерге қатнасамыз. Түрли миллет ўәкиллери менен татыў жасап бирге билим алып атырмыз. Билим алыўымыз ушын жаратылған қолайлы имканиятлар ушын басшыларға миннетдаршылық билдиремиз, – дейди Хорезм ўәлаятынан келип билим алып атырған Физика факультетиниң 2-курс студенти Зубайда Юсупова.
Қарақалпақстан хабар агентлиги