Органикалық өним жетистириўши жерлер көбейеди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 28-ноябрь күнги өткерилген видеоселектор мәжилисинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда органикалық өним жетистириўши жер майданларын және де көбейтиў ўазыйпасы қойылған еди.
Усы тапсырмадан келип шығып, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги ҳәм Республика агрохимиялық анализ орайы Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) менен биргеликте Қарақалпақстанда органикалық өним жетистириў имканиятларын үйрениў мақсетинде Республика агрохимиялық анализ орайында сөйлесиўлер алып барды.




Сөйлесиўлер даўамында органикалық өним жетистириў ушын топырақ қурамын үйрениўдиң әҳмийети, зыянсызландырыў ислериниң қалай әмелге асырылыўы, фитосанитариялық ҳәм экологиялық таза өним жетистириўдиң абзаллықлары сыяқлы мәселелер додаланды. GIZ шөлкеми ўәкиллери агрохимиялық анализ орайы ҳәм агентликтиң фитосанитариялық лабораториясы менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги