Дубайда үш мәмлекет энергетика министрлери ушырасты

Бул ҳаққында Энергетика министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди. Онда атап өтилиўинше, 26-27-май күнлери Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында «Қамбарата ГЭС-1» жойбары бойынша министрлер дәрежесинде екинши дөгерек сәўбети болып өтти.
Жәҳән банкиниң жәрдеминде шөлкемлестирилген бул ушырасыўға Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғыз Республикасының энергетика министрлери, сондай-ақ, үш мәмлекеттиң суў хожалығы министрликлери, экономика ҳәм қаржы министрликлери және тийисли энергетика компанияларының делегациялары қатнасты.
Сөйлесиў ўақтында «Қамбарата ГЭС-1» жойбарын әмелге асырыўдағы анық ўазыйпалар, оларды орынлаў мүддетлери ҳәм перспективалы қәдемлер белгилеп алынды.
Атап өтилгениндей, бул жойбар Орайлық Азия регионында энергетика қәўипсизлигин беккемлеў, суў ресурсларынан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, регионлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли баслама сыпатында тән алынбақта.
Н.Зиёдуллаева тайёрлади, ӨзА