Ислам мәденияты – жоқары пикир ҳәм әдеп мектеби

302

Самарқанд қаласында “Ислам дүньясының руўхый мийрасы ҳәм мәдений көринислери: коллиграфия, музыка, поэзия ҳәм аўызбиршилик” темасында халықаралық форум өткерилди.

Ислам дүньясы билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ICESCO) тәрепинен Самарқанд қаласы 2025-жылы “Ислам дүньясы мәденияты пайтахты” деп жәрияланыўы ҳәм усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген салтанатлы илажлар шеңберинде өткерилген әнжуманда ICESCOға ағза мәмлекетлердиң мәденият министрлери, халықаралық шөлкем ҳәм мәкемелердиң жуўапкерлери, сондай-ақ, Түркия ҳәм Россиядан жоқары дәрежедеги рәсмийлер қатнасты.

Әнжуманның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков бүгин адамзат инсаныйлық қәдириятлардың төменлеўиниң аянышлы дәўирин басынан өткерип атырғанын атап өтти.

– Адамлар ең қәўетерли қәўип – антимәденият эпидемиясы менен жүзбе-жүз тур, – деди О.Назарбеков. – Бул жәмийетти иштен ыдыратып атырған, инсан руўхыйлығы ҳәм мәдениятына қарсы қаратылған қатаң қәўип деп есаплайман. Ислам мәдениятының әсирлер даўамында өзгермей киятырған қәдириятлары мине, усы апатшылық жағдайда инсаниятты қутқарыў ушын бирден-бир исенимли жол. Ислам мәденияты – бул әпиўайы диний догмалар жыйнағы емес. Бул – инсан турмысының барлық тәреплерин сәўлелендиретуғын жоқары ой-пикир ҳәм әдеп мектеби. Мине усы жерде ICESCOның әҳмийети айқын көринетуғынын атап өтпекшимен.

Өзбекстан мәденият министри өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ICESCO менен биргеликте әмелге асырылыўы зәрүр болған бир қатар усынысларды билдирди.

Соның ишинде, бул шөлкем менен биргеликте материаллық-мәдений мийрас ҳәм мәдений туризм тараўларында жойбарларды әмелге асырыў, ICESCOның билимлендириў бағдарламаларында Өзбекстанның мәденият ҳәм көркем өнерге қәнигелескен билимлендириў мәкемелери ўәкиллериниң қатнасыўын турақлы тийкарда тәмийинлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери ушын грантлар ажыратыў, Өзбекстанда ислам көркем өнери, коллиграфия, миниатюра, музыка ҳәм театр көркем өнерине байланыслы қысқа мүддетли курслар, белгили илимпазлардың қатнасыўында шеберлик сабақларын шөлкемлестириў басламалары билдирилди.

Сондай-ақ, Марокаш Патшалығының Работ қаласында Самарқанд қаласы 2025-жылы Ислам дүньясы мәденият пайтахты илажларының жабылыў мәресимин ҳәм оның шеңберинде көргизбе ҳәм концерт бағдарламасын шөлкемлестириў усыныс етилди.

Әнжуман қатнасыўшылары бул усыныс ҳәм басламаларды қоллап-қуўатлады.

ICESCO бас директоры Салим бин Муҳаммад ал-Малик форумдағы шығып сөйлеген сөзинде пүткил дүнья жүзи Самарқандты илим, кеңпейиллик ҳәм гөззаллық орайы сыпатында тән алатуғынын, соның ушын да бул қала 2025-жылы “Ислам дүньясы мәденият пайтахты” деп тән алынғанын атап өтти.

– Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы ҳәм айрықша итибары себепли Ташкентте Ислам цивилизациясы орайының қурылыўы менен Өзбекстан ислам мәдениятының мақтанышы болды, – деди Салим бин Муҳаммад ал-Малик. – Бул орай әдебий түрде өзликти сақлайды, тек ғана өзбек халқының емес, ал пүткил ислам дүньясының бийбаҳа мийрасын жәмлейди, уллы ойшылларға бесик болған, олардың қәдеми тийген жердиң даңқын дүньяға көрсетеди.

Форум даўамында мәденият министрлери, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери Ислам дүньясының руўхый мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў, келешек әўладларға жеткериў бойынша өз пикирлерин билдирди. Быйыл Самарқандтың ислам дүньясы мәдениятының пайтахты сыпатында көплеген илимий-ағартыўшылық, мәдений илажларға басшылық етиўиниң әҳмийетине итибар қаратты.

Әнжуман жуўмақланғаннан соң, мийманлар Самарқандтағы муқаддес зыярат етиў орны ҳәм тарийхый-мәдений естеликлерди зыяратлады.

Ғолиб Ҳасанов,

ӨзАныӊ хабаршысы